Ишки ислер уйымларының мәлимлеме инфраструктурасында криминоген жағдайларды анализлеў автоматластырылады

Мәмлекетимиз басшысының «Ишки ислер уйымлары системасын санлы трансформациялаў бойынша комплексли илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Бул ҳүжжетте ишки ислер уйымларының мәлимлеме инфраструктурасын бирден-бир системаға бирлестириў, криминоген жағдайларды таллаўды автоматластырыўға айрықша итибар қаратылған.
Ишки ислер уйымлары қурамында Санлы технологиялар ҳәм ҳуқықый статистика департаменти және оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестириледи. Оларға санлы шешимлерди енгизиў ҳәм муўапықластырыў, электрон мәмлекетлик хызметлерди жетилистириў, мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў сыяқлы ўазыйпалар жүкленди.
Бул ишки ислер уйымлары ҳәм санластырыў тараўы қәнигелери менен биргеликте әмелге асырылады.
-Ишки ислер уйымлары системасын санластырыў, жаңа басқышқа алып шығыў ўазыйпасы қойылды,-деди Санлы технологиялар министрлиги мәлимлеме системалары ҳәм уйымлараралық интеграция бөлими баслығы Бобур Аллаберганов. –Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўына жасалма интеллект технологияларын кеңнен тартыў мақсетинде бүгинги күнге шекем тараўда бир қатар санлы жумыс жолға қойылған.
Мысалы, 2022-2024-жыллары ишки ислер уйымлары тараўына 33 мәлимлеме системасы енгизилди. Басқа уйымлардан 240 тан аслам мағлыўматлар бир-бирине байланысты, 39 түрдеги мәмлекетлик хызметлер санластырылды. Бул тараўдағы жумыстың көпшилик бөлеги санластырылғаны ҳәм халыққа ҳәм юридикалық тәреплерге бул хызметлерден электрон көринисинде пайдаланыў имканияты жаратылғанын билдиреди.
Нәтийжеде бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы әне, усы ишки ислер уйымлары тараўына тийисли 14 миллионға шамалас хызмет көрсетилген. Мысалы ушын турақлы жасаў орны ҳаққындағы мағлыўматнама бериў хызметинен 17 мың мәрте пайдаланылған.
Буннан тысқары, автотранспорт айналарының реңин өзгертиў руқсатнамасын бериў, паспортты ID-картага өзгертиў, жасаў орнына турақлы дизимге алыныў сыяқлы арзаларды жибериў хызметлеринен пайдаланыў ушын тек ғана 10 минут ўақыт жумсалмақта. Алдын бул хызметлерден пайдаланыў ушын ишки ислер уйымы имаратына барыў, қосымша ҳүжжетлерди көрсетиў, гезек күтиў сыяқлы әўерегершиликлерди бастан кешириўге туўра келетуғын еди.
Мәмлекетимиз басшысының жаңа қарары менен бул бойынша жумыслар және де жетилистирилди.
Қарарға бола, ишки ислер уйымлары жумысын 2025-2027-жыллары санлы трансформациялаўдың төрт тийкарғы бағдары белгиленди.
Барлық мәлимлеме системалары бүгинги күнде енгизилген мағлыўматлар базалары, мағлыўматларды қайта ислеў орайларының жасалма интеллект технологиялары тийкарында бирден-бир системаға бирлестирген ҳалда жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша жумыс нәтийжелилиги және де арттырылады.
Тараўдың санлы жумысын басқарыў системасы арқалы жумыс ислеў механизмлери муўапықластырылады. Олардың қурамында жоқары маманлықтағы қәнигелерден жоқары санлы команда қәлиплестириледи.
Сондай-ақ, жынаятлар ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар статистикасы инсан факторысыз жүргизиледи.
Ҳуқықый статистика ҳәм оператив есабат мағлыўматлары менен ислесиў процеси толық санластырылады. Бул болса, ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң жынаятшылыққа қарсы гүресиў ўақтында жумсалған ўақытларын азайтыўға алып келеди. Системада мәлимлеме қәўипсизлиги нәтийжелилигиниң заман талапларына сәйкеслиги тәмийинленеди.
Буннан тысқары, ишки ислер уйымлары системасын санластырыў мақсетинде бир қатар тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди. Мәселен, тараўға заманагөй жоқары технологияларды енгизиў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, аймақлық ишки ислер уйымлары жумысының инфраструктурасын қәлиплестириў бағдарында 18 үлкен тийкарғы жойбар белгиленди.
Халыққа 10 мәмлекетлик хызметти криактив ҳәм композит түринде көрсетиў бағдарламасы ислеп шығылады. Онда ишки ислер жумысына байланыслы мәмлекетлик хызметтен пайдаланғанда пуқара бир мәрте мүрәжат еткенде тек ғана бир хызметтен емес, ал басқа түрдеги хызметлерден де биймәлел пайдаланыўы мүмкин болады.
Ишки ислер уйымларының мәлимлеме системаларына интеграцияланатуғын 10 уйымның мағлыўматлары дизими қәлиплестириледи. Бул процессте ишки ислер уйымларына усынылатуғын мағлыўматларды басқа мәмлекетлик шөлкемлерден алып келместен, мәлимлеме системаларынан автоматик түрде алыў имканияты жаратылады.
Сондай-ақ, ишки ислер уйымларының жумысына жасалма интеллектти енгизиў ҳәм оны раўажландырыў концепциясы тастыйықланады. Санлы технологиялар министрлигиниң концепциясынан келип шыққан ҳалда 2025-2027-жылларға мөлшерленген мәнзилли илажлар бағдарламасы тастыйықланыўы нәзерде тутылмақта.
ӨзА