Шайыр естелиги ядқа алынды

257

Әдебият инсанның руўхый, мәдений ҳәм интеллектуаллық жақтан раўажланыўы ушын ең әҳмийетли қураллардан бири болып есапланады. Оның күши сонда, әдебият инсан қәлбин байытады, жүрегинде жақсылық, меҳир-муҳаббат сыяқлы сезимлерди қәлиплестиреди.

Өзбек әдебиятында саҳра бүлбили деп даңқ таратқан, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов тири болғанда бүгин 96 жас пенен жүзлескен болар еди.

Шайырдың “Бахыт лирикасы,” “Күншығыс жолаўшысына,” Кеўил кеўилден суў ишер,” “Тумарис,” “Кеўилдеги кең дүнья” сыяқлы бир қатар қосық китапларын халқымыз сүйип оқымақта.

Жазыўшылар қыябанында Ташкент химия-технология институты ҳәм Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ўәкиллери, студентлер жәм болып, шайыр естелигине гүл қойды.






Онда Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурман шығып сөйледи.

Биз қарақалпақлар менен бир жерде жасап киятырған ханалас, туўысқан халықпыз, – деди Рустам Мусурман. – Өзбек ҳәм қарақалпақ жазыўшылары арасында ҳақыйқый дөретиўшилик бирге ислесиў бар. Еки халықтың әдебияты уқсас тамырларға ийе. Ибрайым аға тек ғана шайыр сыпатында емес, ал жақсы инсан сыпатында да кеўиллеримизде сақланып қалды. Оның поэзиясына болған меҳирим, қызығыўшылығым себепли көплеген шығармаларын өзбек тилине аўдардым. Оның поэзиясы халықшыллық, ўатансүйиўшилик сезимлери менен суўғарылған, оның сыйқыры ҳәр қандай оқыўшыны өзине тартады.

Илажда университет студентлери Ибрайым Юсупов дөретпелеринен үлгилер оқып, музыкалық бағдарламалар көрсетилди.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы Мәлимлеме хызмети

ӨзА