Самал электр станцияларын қурыў мәселелери талқыланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясының Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Жон Заиди басшылығындағы делегация менен ушырасты.
Онда республикамыздағы Үстирт тегислигинде қурылысы басланыўы алдында турған самал электр станциясы жойбарын әмелге асырыў, бул бағдарда компания жумысларын алып барыўды қоллап-қуўатлаў мәселелери сөз етилди.
Мағлыўмат ушын атап өтетуғын болсақ, Президентимиздиң тапсырмасы менен Саудия Арабстанының “ACWA Power” компаниясы тәрепинен республикамызда әмелге асырылып атырған «Самал электр станциясын шөлкемлестириў» жойбарының Қараөзек районы Қойбақ АПЖ аймағында қурылып атырған «Нөкис-1» жойбарының бир қатар жумыслары тамамланғаны бойынша алдын хабар берилген еди.
“Нөкис-1” жойбары толық иске түсиўи нәтийжесинде ҳәр жылы 350 млн. киловат/саат электр энергиясы ислеп шығарылыўына имканият жаратылады, орташа 100 млн. куб тәбийғый газ үнемленеди, ҳаўаға 180 мың тонна карбонат андигрид гази шығындыларының тарқалыўы азаяды.

Буннан тысқары, Қараөзек районы Қойбақ АПЖ аймағында және бир «Нөкис-2» жойбары да әмелге асырылып, 26 самал турбина генераторлары қурылады.
Президент қарары менен «ACWA Power Company» (Саудия Арабстаны) компаниясы тәрепинен Қоңырат районында да самал электр станциясы ҳәм электр узатыў тармағы қурылыўы белгиленип, жойбар шеңберинде «ACWA Power KRPK Wind» ЖШЖға тийкар салынған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги