Гуанчжоуда Өзбекстан былғары санаатына қызығыўшылық артпақта

248

Ҳәзирги күнлерде Қытайдың Гуанчжоу қаласында «China Import and Export Fair» 137-халықаралық көргизбеси болып өтпекте. Бул ретки илажда «Ўзчармсаноат» ассоциациясының баслығы Акбар Султонов басшылығындағы делегация мәмлекетимиз атынан белсене қатнаспақта.

Оған дүньяның жүзлеген мәмлекетлеринен мыңлаған компаниялар қатнаспақта. Әҳмийетлиси, Өзбекстан делегациясы өзиниң миллий өнимлери, яғный былғары, аяқ кийим ҳәм аксессуарлар менен көргизбе қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятты.

Сапар даўамында делегация бир қатар абырайлы Қытай компанияларының ўәкиллери менен ушырасыў өткерди. Олардың арасында тери санаатында жетекши есапланған «Qifeng Leather» компаниясы шийки зат жеткерип бериў ҳәм жаңа материаллар бойынша бирге ислесиў усынысын алға қойды. Сондай-ақ, «MUDIYA» ҳәм «Jinjiang Mudiao Shoes»  сыяқлы компаниялар менен Өзбекстанда биргеликтеги кәрханаларды шөлкемлестириў, заманагөй дизайн ҳәм оқыў лабораторияларын жолға қойыў бойынша жойбарлар додаланды.

Буннан тысқары, «Trimax International» компаниясының ўәкиллери менен логистика, экспорт инфраструктурасы ҳәм санластырылған бажыхана системалары бойынша пикир алысылды. Қытай ислеп шығарыўшылары тәрепинен «Made in Uzbekistan» брендин халықаралық базарға алып шығыў, биргеликте жаңа өндирислик қуўатлықларды жаратыў бойынша да усыныслар берилди.

“Ўзчармсаноат” делегациясы тәрепинен Өзбекстандағы кластерлер, арнаўлы санаат зоналары, инвесторлар ушын жаратылған қолайлы шараятлар ҳәм былғары аяқ кийим санааты потенциалы ҳаққында презентациялар өткерилди.

Бул көргизбе технологиялық жетискенликлер, саўда тенденциялары ҳәм санаатта бирге ислесиўдиң перспективалары бойынша пикирлесиў платформасы сыпатында да әҳмийетли екенин атап өтиў керек.

Ассоциация мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, «Canton Fair» (China Import and Export Fair) Қытайдағы ең ири халықаралық көргизбелерден бири болып, ол биринши мәрте 1957-жылы Гуанчжоу қаласында өткерилген. Ҳәр жылы бәҳәр ҳәм гүз мәўсимлеринде еки мәрте шөлкемлестирилетуғын бул абырайлы илаж Қытай сыртқы  саўдасының «айнасы» болып табылады. Көргизбе Қытай Саўда министрлиги ҳәм Гуандун ўәлаяты ҳүкиметиниң басламасы менен шөлкемлестириледи.

ӨзА