Қәнигелер ҳәм фермерлер өз-ара мәсләҳәтлести

351

Әмиўдәрья районының Ақ алтын аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан «Якупова Гавҳар» фермер хожалығында ғаўаша тәрбиясына бағышланған көргизбели семинар өткерилди.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы А.Жуманазаров, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы А.Юсупов, район ҳәкими С.Хожаметов ҳәм фермер хожалықларының баслықлары қатнасты.

Семинарда ғаўашалардың қатар араларын ислеў, терең жумсартыў, азықландырыў ҳәм суспензия себиў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша пикир алысыўлар болып өтти. Тәжирийбели қәнигелер тәрепинен берилген мәсләҳәтлер фермерлерге өз хожалықларында өнимдарлықты арттырыў, сапалы зүрәәт алыў ҳәм өсимликлерди кеселликлерден қорғаўда үлкен жәрдем береди.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев тәрепинен аўыл хожалығы тараўында мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланып атырған бағдарламалар ҳәм имканиятлар ҳаққында мағлыўмат берилди.




-Районымыз бойынша быйылғы жылы 16000 гектар жерге шигит егилип, оннан бир тегис нәл алынды,-дейди Әмиўдәрья районы аўыл хожалығы бөлими баслығының орынбасары Қудрат Абдухалиқов.-Соның 10 мың гектар жерине культивациялаў ҳәм азықландырыў жумыслары жүргизилип, қалған майданларда да бул ислер даўам еттирилмекте. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытлары ғаўашаларды бирлеў, отаў ҳәм қатар араларын жумсартыў жумыслары жүргизилмекте. Оған 153 арнаўлы техника ҳәм агрегатлар қатнаспақта.

Семинар даўамында фермер хожалықларының басшылары өз-ара тәжирийбе алмасып, өз хожалықларында қолланылатуғын түрли агротехникалық усыллар ҳәм технологиялар ҳаққында айтып берди.

Адилбай Оразов,      

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы