Мәденият елатында сайлаў өткерилди

333

Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны Қараөзек районындағы ең ири елатлардың бири болып есапланады. Соңғы жыллары елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы, бул жыйын аймағында да ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз берип, халықтың турмысы абаданласып бармақта. Халықтың тыныш ҳәм абадан турмыста жасаўында өзин-өзи басқарыў уйымларының атқарып атырған хызмети айрықша. Сонлықтан буның әҳмийетин жақсы түсинген аймақ турғынлары  аўыл пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымына өткерилип атырған сайлаўларға белсене қатнасты.

Белгиленген нызамға муўапық, аймақта сайлаўды өткериўге көмеклесиўши жумысшы топар баслығы Сайыпназар Смайлов тәрепинен мәжилис өткерилип, онда аўыл пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымына талабанлар аймақты келеси бес жыллықта социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша өзлериниң сайлаўалды бағдарламасы менен кең түрде шығып сөйледи.

Буннан соң мәжилиске қатнасқан 508 аймақ ўәкиллери тәрепинен  аўыл пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымына талабанларға жасырын даўыс бериў болып өтип, пуқаралар емин-еркин өзлери таңлаған талабанларға даўыс берди.

Әдиллик ҳәм демократиялық принциплер тийкарында өткерилген сайлаў жуўмағында, Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны баслығы болып, буннан алдын да усы лаўазымда ислеп киятырған Даўлетбай Атажанов қасындағы талабанлардан көп даўыс топлап, жыйын баслығы лаўазымына және бир мәрте сайланды.

Район аймағында бүгинги күни  пуқаралар жыйыны баслықлары сайлаўы шөлкемлескенлик пенен болып өтпекте.

Адилбай Оразов,    

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы