Тахтакөпирдиң 6 аймағында сайлаўлар өткерилди

268

Елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Тахтакөпир районында да пуқаралар жыйыны баслықларының сайлаўы баслап жиберилди.

Атап айтқанда, белгиленген кестеге муўапық, Тахтакөпир районында сайлаўды өткериўге көмеклесиўши комиссия тәрепинен ең дәслепки сайлаўлар Тахтакөпир посёлкалық пуқаралар жыйыны ҳәм Ғәрезсизлик мәкан пуқаралар жыйынларында болып  өтти.

Өзбекстан Республикасының «Пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў ҳаққында»ғы Нызамы тийкарында өткерилген сайлаўлар жуўмағында, буннан алдын да жыйын баслығы болып ислеп киятырған Айсанем Жолдасбаевна Аллиярова Тахтакөпир ППЖ, Салаўат Аяпбергенович Нурлыбеков Ғәрезсизлик МПЖға жаңадан баслық етип сайланды.

– Районымыз бойынша 17 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынында пуқаралар жыйыны баслықлары сайланады,-дейди Тахтакөпир районында сайлаўды өткериўге көмеклесиўши комиссия баслығының орынбасары Нийетбай Айымбетов.-Бүгинги күнге шекем Айдын жол, Дәўир, Өзбекстан мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм Қараой аўыл пуқаралар жыйынларында сайлаўлар өткерилип, аймақ турғынлары өзлериниң қәлеўлисин сайлады. Алдағы ўақытлары да районымыз аймағында  пуқаралар жыйыны баслықлары сайлаўы белгиленген кестеге муўапық нызам тийкарында өткериле береди.

Адилбай Оразов,      

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы