«Anti-Corruption Hackathon – 2025» таңлаўының жеңимпазлары анықланды

Коррупцияға қарсы гүресиў миллий агентлиги кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы коррупциялық жағдайларға шараят жаратып берип атырған факторларды кескин азайтыў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп берди.
Бул бағдардағы тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен IT Park, «Наўайы кән-металлургия комбинаты» акционерлик жәмийети ҳәм «Жаңа Өзбекстан» университети менен биргеликте «Anti-Corruption Hackathon – 2025» таңлаўы шөлкемлестирилди.
Оған республикамыздың барлық аймақларынан жас программистлер мәмлекетлик уйымлардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, соның ишинде, коррупцияның алдын алыўға хызмет ететуғын программалық тәмийнатлар, онлайн платформалар ислеп шығыў бойынша беллести.
Үш күн даўам еткен «Anti-Corruption Hackathon – 2025»да үш адамнан ибарат командалар өз-ара беллести. Финал басқышында командалардың жойбарлары бойынша презентация ҳәм программалық өнимлери баҳаланды.
Таңлаў жуўмағына бола, биринши орынды «Uzinfocom» командасы мәмлекетлик сатып алыўларда мәплер соқлығысыўының алдын алыўға қаратылған бағдарламасы менен биринши орынды ийеледи.
«Equilibrium» командасы жасалма интеллект жәрдеминде мәплер соқлығысыўын анықлаў бағдарламасы менен екинши, «Austrum team» командасы «Ҳаж» ҳәм «Умра» зыярат илажларын шөлкемлестириў процесслерин санластырыў бағдарламасы менен үшинши орынды қолға киргизди.
Таңлаў жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Абсолют жеңимпаз команда усы жылдың сентябрь айында Гонконгта болып өтетуғын Азия жаслар коррупцияға қарсы гүресиў хакатонында («Coding4Integrity») Өзбекстан атынан қатнасыў имканиятын қолға киргизди.
Н.Абдураимова, ӨзА