Энергетика ҳәптелиги қатнасыўшылары Ташкентке жыйналады

271

Усы жылдың 13-15-май күнлери Ташкент қаласындағы «CAEx Uzbekistan» халықаралық көргизбелер орайында мәмлекеттиң ең ири санаат ўақыяларынан бири – «Өзбекстан энергетика ҳәптелиги – UEW 2025» болып өтеди.

Бул абырайлы илаж шеңберинде бир қатар ири халықаралық көргизбе ҳәм конференциялар шөлкемлестириледи. Атап айтқанда, «Өзбекстан нефть ҳәм гази – UEW 2025» 27-халықаралық көргизбеси ҳәптеликтиң тийкарғы ўақыяларынан бири сыпатында өткериледи.

Бул ҳаққында «Iteca Exhibitions» халықаралық көргизбе компаниясының жойбар директоры Лола Зиёвуддинова ӨзАның хабаршысына төмендегилерди айтып берди:

– Бизге белгили, нефть ҳәм газ тараўы Өзбекстан экономикасының жетекши тармақларынан бири болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысы усы тараўды раўажландырыўға айрықша итибар қаратып атырғаны нәтийжесинде тараўды түп-тийкарынан модернизациялаў, жаңа кәнлерди излеў ҳәм бар резервлерди өзлестириў жумыслары жедел әмелге асырылмақта. Бул процессте экологиялық турақлылық ҳәм өндирис қәўипсизлиги мәселелерине де айрықша әҳмийет қаратылмақта.

Бундай жумысларда «Өзбекстан нефть ҳәм гази – OGU 2025″ 27-халықаралық көргизбеси әҳмийетли роль атқарады. Бизге белгили, 1997-жылдан берли өткерилип киятырған OGU  көргизбеси тек ғана заманагөй үскенелер ҳәм технологияларды көрсетиў емес, ал тараўдағы жетекши ислеп шығарыўшылар, таў-кән санааты кәрханалары, мәмлекетлик уйымлар ҳәм исбилермен топарлардың ўәкиллери арасында нәтийжели сөйлесиў ушын әҳмийетли платформа ўазыйпасын атқарып келмекте.

Дәстүрге бола, көргизбе шеңберинде абырайлы жергиликли ҳәм сырт ел экспертлери, тараў жетекшилериниң қатнасыўында Халықаралық нефть ҳәм газ конференциясы да өткериледи.

Сондай-ақ, ҳәптелик шеңберинде «Power Uzbekistan 2025» – энергетика, энергияны үнемлеў, атом энергетикасы ҳәм альтернатив энергия дәреклерине бағышланған 18-халықаралық көргизбе, «GETCA 2025» – жасыл ҳәм энергия үнемлеўши технологияларға қәнигелестирилген арнаўлы көргизбе бөлими, 5-халықаралық энергетика конференциясы өткериледи.

Ҳәзирги ўақытта 420 компания ҳәм бренд, 90 баянатшы ҳәм 1 420 делегат усы илажға қатнасатуғынын рәсмий тастыйықлаған. Бул болса, Өзбекстан энергетика ҳәптелиги тек ғана регионаллық емес, ал дүнья көлеминдеги әҳмийетли санаат ўақыясы сыпатында қаралып атырғанынан дәрек береди.

Итибарлы тәрепи, қатнасыўшылар географиясы да жүдә кең, яғный бул рет 32 мәмлекеттен ўәкиллер қатнасыўы күтилмекте. Атап айтқанда, Австрия, Әзербайжан, Беларусь, Уллы Британия, Германия, Грузия, Дания, Ҳиндстан, Иран, Италия, Қазақстан, Қытай, Корея Республикасы, Өзбекстан, Қырғызстан, Литва, Малайзия, Монако, Нидерландия, БАӘ, Польша, Россия, Румыния, Саудия Арабстаны, Сингапур, Словакия, АҚШ, Тәжикстан, Түркменстан, Түркия, Франция, Япония сыяқлы мәмлекетлер усылардың қатарына киреди.

Қатнасыўшылардың 90 проценттен асламын сырт ел компаниялары қурап атырғаны илаждың халықаралық абырайын және де арттырып, Өзбекстанның энергетика потенциалына болған исеними ҳәм қызығыўшылығы артқанын айқын көрсетип атырғанын атап өтиў керек.

Өзбекстан энергетика ҳәптелиги тек ғана тараўдағы алдынғы технологиялар ҳәм инновацияларды таныстырыў емес, ал халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм тараўлық қарым-қатнасты раўажландырыў ушын да әҳмийетли платформаға айланады.

ӨзА хабаршысы

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА.

жазып алды.