Ғәлле егинлеринде ушырасатуғын кеселликлер ҳаққында нелерди билесиз?

-Шаң қара күйе кеселлиги – Ustilago tritici (Pers.) Jens.
–Қатты қара күйе кеселлиги – Tilletia tritici (Bjerk.
–Пақал зәң кеселлиги – Puccinia graminis Pers. f. sp. tritici Eriks. et Henn
–Ун–шық кеселлиги – Erysiphe graminis DC f. sp. tritici Marchal
–Масақ фузариозы – Gibberella zeae Schw.) Petch (syn. Gibberella saubinetti [Mont.] Sacc., st. conid. Fusarium graminearum Schw.
–Тамыр шириў кеселлиги – Fusarium spp., Penicillium citrinum Thom.
Шаң қара күйе егинлердиң өсиў дәўиринде атызда аңсат анықланады. Кеселлик егинлердиң масақлары пайда болғаннан кейин көринеди. Зыянланған егин масақларының барлық бөлимлери тоқ-қоңыр ямаса қара түрдеги шаң тәризли телиоспораларға айланады. Олар алдын жуқа, ақшыл перде менен қапланып, мәўсим соңында яки жыйын-терим дәўиринде усы перде жыртылады, телиоспоралар шаңға уқсап, тарқалып кетеди ҳәм ақыры масақтың өзегине жетеди.
Қатты қара күйе кеселлигиниң белгилери Өсимликте дәнниң писиў дәўиринде белгили болады. Кеселленген масақлар формасының кишкенелиги, дәнлердиң орнында қалташалардың ишинде хламидоспоралар пайда болыўы менен характерленеди. Қатты қара күйе кеселлигин еки түрге тән замаррық келтирип шығарады.
Пақал зәң кеселлиги барлық дәнли егинлердин жер үстинде жайласқан органларын зыянлайды. Кеселлик өсимлик органларында зәң реңдеги көпшикше формасында көзге түседи. Кеселлик қозғалтыўшы замаррық ҳәр-қыйлы хозяйнли ҳәм толық циклли түр болып, 0 ҳәм I споралаў басқышлары аралық хозяйининде, II ҳәм III басқышларында бийдайға өтеди. (Аралық хозяйни зирк ҳәм магония өсимлик түрлери)
Ғәлле егинлери ун-шық кеселлиги менен ең күшли зыянланатуғыын егин болып есапланады.
Кеселликтиң белгилери өсимликлердиң жапырақларында ақ пахта тәризли дақ қатламы пайда болыў менен басланады. Қатлам қалыңласып, күлрең яки сарғыш-күлрең, бөртип шыққан көпшикшелер түрине енеди. Жапырақлардан кеселлик пақалдың жапырағына, пақалларға айырым ўақытлары масақларына өтеди. Бул көпшикшелердиң үстинде кеселлик шақырыўшы замаррықтың конидиялары пайда болады. Қозғатыўшы замаррықлардың конидиялары самал менен басқа өсимликлерге де тез тарқалады ҳәм зыянлайды. 15-200С ҳәм 96-99% ығаллықта тез раўажланады.
Фузариоз кеселлиги. Республикамыз шараятында дәнли егинлерде ең көп ушырасатуғын кеселликлердиң қатарынан орын алады. Кеселлик себепли дәнли егинлердиң туқымының өниўшеңлиги, майсаларының қуўрап қалыўы, бийдайдың солыўы ҳәм тамырының шириўи бақланады. Кеселликтиң келип шығыўында Фусариум замаррығының бир неше түрлери қатнасады. Бул кеселлик мәккениң початкасында, тамырында ҳәм пақалында да көринеди. Кеселленген өсимликте сыя рең пайда болып, үстинде ақшыл мицелия қапламы көринеди.
Бийдай масағы ҳәм дәнлериниң фузариоз кеселлиги – бул тамырының шириў кеселлиги. Бул кеселлик дәнли егинлердиң тамыры ҳәм тамыр буўынында қоңыр дақларды пайда етиўден басланады. Кеселлик майса өниў дәўиринде тамыр мойнында баўыр реңде көринеди. Бундай өсимлик қуўрап қалады. Кеселленген өсимлик өсиўден артта қалады ямаса масақ пайда етпейди. Кеселленген дәнлер ҳәлсиз, өниў уқыплылығы төмен болады. Кеселликтиң тарқалыўына ығаллы топырақ ҳәм ҳаўа тәсир көрсетеди.
Кеселликке қарсы гүрес илажлары: алмаслап егиўге әмел етиў туқымды егиўден алдын таярлаў, микроэлементлер менен қайта ислеў (100 кг. микроэлемент-100 кг. дәнге), фосфорлы, калийли төгинлерди қолланыў, туқымды топыраққа ерте егиў, өнимди өз ўақтында жыйнап алыў, туқымды тез арада қурғатыў, топырақты терең сүриў.
Қарсы гүресиў илажлары: туқымды егиўден алдын сортларға ажыратыў, туқымды фунгицидлер менен дәрилеў, егинлерди өз ўақтында жыйнаў, туқымды сақлаў шараятын жақсылаў, шыдамлы сортларды егиў.
Дәнли егинлерде ушырасатуғын кеселликлерге рухсат етилген фунгицидлер дизими:
Фундазол 50% н.кук (500г/кг) өсимликтин өсиў дәўиринде бүркиў жолы менен, мәўсимде 2 рет қолланыў усыныс етиледи. (Тамыр шириў кеселлиги, Фузариоз кеселлиги).
Бампер 25% ем.к (250г/Л) өсимликтин өсиў дәўиринде бүркиў жолы менен, мәўсимде 2 рет қолланыў усыныс етиледи. (Унлы шық, зәң кеселлигине)
Рекс дуа 49,5 % сус.к (187г/Л+310г/Л) өсимликтин өсиў дәўиринде бүркиў жолы менен, мәўсимде 2 рет қолланыў усыныс етиледи. (Унлы шық, қоңыр ҳәм сары зәң кеселлигине, дағланыў ҳәм септориоз).
Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў илим-изертлеў инситути
Қарақалпақстан Республикасы филиалы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги