Сингапурда парламент сайлаўы болып өтти

Сингапурда улыўма дизимге алынған 2,5 миллионға шамалас пуқара нызам шығарыўшы уйымның қурамын қәлиплестириўде қатнасты.
Жергиликли ўақыт пенен 08:00 де басланған даўыс бериў процеси 20:00 де жуўмақланады. Миллий сайлаў уйымының мағлыўматына бола, күндиз 48 процентке шамалас сайлаўшы ямаса пүткил мәмлекет бойлап 1240 сайлаў участкасында 1,2 миллионға шамалас адам даўыс берди.
11 сиясий партиялардың ўәкиллери ҳәм еки бийғәрез талабан қатнасып атырған илажда бир палаталы парламенттеги 97 орыннан 92 ине депутат сайланады.
«The Straits Times» газетасының жазыўынша, ҳүкиметти басқарып атырған Бас министр Лоренц Вонг басшылығындағы Халық ҳәрекети партиясы тийкарғы фаворит болып қалмақта. 66 жылдан берли ҳәкимият басында турған бул партия ҳәр бир сайлаў округинде өз кандидатурасын алға қойған. Тийкарғы қарсы күш – Жумысшылар партиясы 8 сайлаў округинде ўәкиллик етип, 26 орын ушын гүреспекте.
Бир палаталы парламент системасына ийе қала-мәмлекет – Сингапурда сайлаў ҳәр бес жылда өткериледи. 2020-жыл COVID-19 пандемиясы шараятында тарийхый жетискенликке ерискен қарсылас жумысшылар партиясының абырайы салыстырмалы түрде артқанына қарамастан, тийкарғы болжаўлар ҳүкимдар ХҲПның гезектеги жеңисине үмит етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги