Дубайда Трамп бренди астында зәўлим имарат бой тиклейди

387

Көшпес мүлк қурылысы менен шуғылланатуғын «Dar Global» ҳәм «Trump Organization» компаниялары Дубайда АҚШ Президенти бренди астында зәўлим имарат жойбарын иске қосады, делинеди арнаўлы баспасөз хабарламасында. Бул еки кәрхана алдын Саудия Арабстаны, Оман ҳәм Қатарда да биргеликтеги жойбарларды әмелге асырған.

Мәлимлемеде айтылыўынша, бул Жақын Шығыстағы биринши «Trump International Hotel & Tower» бренди астындағы турақ жай ҳәм мийманхана имараты есапланады. Баслама қатнасыўшылары регионның узақ мүддетли раўажланыў потенциалына исенеди.

350 метрге созылатуғын имарат Дубайдың «Sheikh Zayed Road» трассасы жанында бой тиклейди. Комплексте дүньядағы ең бийик жайласқан үсти ашық жасалма суў бассейни болады. Қурылыс жумысларын 2031-жыл декабрьде жуўмақлаў режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги