Бизнес ўәкиллери менен ашық пикирлесиў

289

Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы тәрепинен Шымбай районында жумыс алып барып атырған киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди.

Онда қәнигелер дәслеп исбилерменлердиң турақлылық рейтинги ҳәм тараўға байланыслы соңғы өзгерислер, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мақсетинде берилип атырған салық жеңилликлери ҳаққында мағлыўмат берди.

Ашық пикирлесиўде исбилерменлердиң жумысына тосқынлық етип атырған машқалаларға шешим табыў, олардың бизнесин еле де кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Атап айтқанда, бүгинги күнде Шымбай районында 2200 исбилерменлик субъекти жумыс алып бармақта. Олардың, 1123 и микрофирма, 48 и киши кәрхана, 1029 ы жеке тәртиптеги исбилерменлер болып есапланады.

Исбилерменлер санының жылдан-жылға көбейиўи ҳәм олардың жумысына тосқынлық етип атырған машқалаларға шешим табыў, сондай-ақ, бизнесин және де кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.

Илажда салық ҳәкимшилигине әмел етип, алдынғы нәтийжелерге ерисип киятырған бир топар салық төлеўшилерге миннетдаршылық билдирилип, естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги