Халықаралық стандартлар ҳәм алдынғы тәжирийбелер енгизилмекте

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңесиниң “Экология ҳәм саламатлық” ҳаял-қызлар клубы ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте “Гендер теңлиги ҳәм ҳаял-қызлардың сайлаўдағы орны” атамасында семинар болып өтти.
Семинарға институт ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша кеңесгөйи, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар, “Экология ҳәм саламатлық” ҳаял-қызлар клубы Кеңесиниң ағзалары қатнасты.
Атап өтилгениндей, елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар, системалы илажлардың, онда гендер теңликти тәмийинлеў тараўындағы машқалаларды илимий жақтан үйрениў ҳәм оларға шешим сыпатында илимий тийкарланған усынысларды ислеп шығыў, халық арасында гендер қәдириятларды үгит-нәсиятлаў, усы мәселелер бойынша билимлерин арттырыў тийкарғы мақсет етип белгиленген.
Өзбекстанда гендер теңлиги ҳәм ҳаял-қызлардың сиясий процесслердеги қатнасыўы барған сайын артып бармақта. Әлбетте, бул жағдай сайлаў процесслеринде де бақланбақта. 2024-жылы өткерилген сайлаўлар нәтийжесинде ҳаял-қызлардың үлеси Сенатта дерлик 27 процентке, Нызамшылық палатасында 38 процентке, жергиликли Кеңеслерде 32,5 процентке жетти.
Оқыў-семинар даўамында берилген билим қатнасыўшылардың гендер теңлиги және усы тараўдағы халықаралық стандартлар ҳәм алдынғы тәжирийбелер ҳаққындағы түсиниклерин арттырады. Усындай, оқыў-семинарлар келешекте ҳаял-қызлардың тек ғана сайлаў процесинде емес, ал сиясатта да тиккелей қатнасыўын хошаметлеў бойынша кейинги қәдемлерди анықлаўға жәрдем беретуғынлығын атап өтиў орынлы.
Сондай-ақ, “Экология ҳәм саламатлық” ҳаял-қызлар клубының ағзалары тәрепинен илажда бул бағдардағы үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтиў, апа-қарындасларымыздың ҳуқықый билим ҳәм саўатлылығын арттырыў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.



Тема шеңбериндеги билим ҳәм түсиниклерин байытыўға хызмет еткен семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги