Бозатаў районын социалық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери додаланды

415

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бозатаў районындағы мәҳәллелерде пуқаралар турмысын жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде усы районға барды.

Республикамыз басшысы ең дәслеп Бозатаў районлық тоғай хожалығында болып, бул жердеги жүргизилип атырған жумыслар менен танысып, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде терек егиў ҳәм жасыл белбеўлерди пайда етиўде нәлханалардың орны айрықша екенлигин атап өтип, нәл таярлаў жумысларын кеңейтиў бойынша тараў басшыларына тапсырмалар берди.

Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы Қусханатаў елатында 1 контур 1 өним бағдарламасы шеңберинде шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў мақсетинде шөлкемлестирилген кооперация тәрепинен жолға қойылған картошка ҳәм мәш өнимлерин жетистириў жумыслары менен танысты.

Соңынан өзлериниң үй алды қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланып, оннан мол өним алып атырған Бозатаў посёлкасы турғынлары Қалмамбет Жангелдиев, Сағындық Баймуратов ҳәм Жүгинис Жуманазаровтың жер майданлары ҳәм ыссыханалары көзден өткерилип, олардың жумыслары көпшиликке үлги болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, усы аймақтағы Еркиндәрья каналындағы жарамсыз жағдайға келип қалған пиядалар өтиў ушын арналған көпир бойынша машқаланы сапластырыў ҳәм пуқаралар ушын қәўипсиз көпир қурып бериў, «Зарбдор» тәжирийбеси тийкарында канал бойы хызметин шөлкемлестириў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Соның менен бирге, Жоқарғы Кеңес Баслығы район орайында жайласқан Спорт мектебинде жаратылған шараятлар менен танысып, спортшы жаслар менен де ушырасып, олар менен жақыннан пикирлести.

Хызмет сапары даўамында республикамыз басшысы Бозатаў посёлкасында жаңадан қурылып атырған 5 қабатлы турақ жай қурылысы, бос турған имаратта жаңадан жумыс баслаған жас исбилерменлер тәрепинен иске қосылған мебель ислеп шығарыў жойбары менен танысты. Базар аймағында халыққа ҳәм сатыўшыларға қолайлы шараят жаратыў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бозатаў районында республикалық мәкеме-шөлкемлер, район белсендилериниң қатнасыўында мәжилис өткерди.

Онда районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы берилген тапсырмалар бойынша илажлар бағдарламасының орынланыўы мәселелери қарап шығылды.

Районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша арнаўлы бағдарлама тийкарында бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген болып, машқалаларды шешиў мақсетинде ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарарлары тийкарында барлық мүмкиншиликлер жаратылып, қаржы дереклери де шешип берилгенлигин атап өтиў орынлы. Деген менен, айырым орынларда бар мүмкиншиликлер толық иске қосылмай атыр.

Соны да айрықша айтыў керек, мәжилисте Бозатаў районы ҳәм арқа районларды тиккелей Қоңырат районы менен байланыстырыўшы понтон көпирин қурыў мәселесин үйренип шығыў, район аймағында автомобильлерге газ толтырыў компрессор шақапшасын тез пурсатта иске түсириў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги