Украина қорғаныў тәмийнаты системасы қайта дүзиледи

459

Украина қорғаныў министри Рустем Умеров қорғаныў өнимлерин сатып алыў менен шуғылланыўшы Мәмлекетлик логистика операторы (МЛО) қайта дүзилетуғынын жәриялады.

– Басланып атырған реформалар көлемин кеңейтиў мақсетинде бул мәселе бойынша комиссия дүзиў ҳаққындағы буйрыққа қол қойылды, – деп жазған хызметкер социаллық тармақтағы бетинде. – Процессти Қорғаныў сатып алыўлары агентлиги (ҚСА) директоры Арсен Жумадилов басқарады. Структура жанында арнаўлы комиссия ислейди. Әскерий жағдай таўсылғанға шекем еки тийкарғы мәкеме – ҚСА ҳәм МЛОны бирлестириў ушын тийкар жаратпақтамыз. Енди ўазыйпалар қайталаныўына жол қойылмайды, басқарыў системасы жетилиседи, армия тәмийнатының потенциалы артады.

ҚСА өним сатып алыў, МЛО болса Қураллы күшлерди кийим-кеншек, азық-аўқат пенен тәмийинлеў ушын жуўапкер. Ҳәр еки шөлкем 2023-жылдың декабрь айында жумыс баслаған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги