Гепатит кеселлиги жылына 1,3 миллион инсанның өлимине себепши болады

Жуқпалы кеселликлердиң алдын алыўда халықтың усы кеселликлер ҳаққында хабардар екенлиги, кеселлике анық ҳәм жедел диагноз қойыў әҳмийетли роль атқарады. Соның ушын, бул бағдарда мәмлекетимизде халықаралық шөлкемлер менен биргеликте кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
МҒКАда өткерилген баспасөз әнжуманында Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң жуўапкерлери, ЖДСШның Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы, ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы, KOFIHтиң жойбарларды қадағалаў ҳәм муўапықластырыў қәнигелери биргеликтеги жойбарлар бойынша толық мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, гепатит дүньяда ең көп адамлар қайтыс болатуғын жуқпалы кеселликлер арасында екинши орында турады, жылына 1,3 миллион инсанның өлимине себепши болады. Яғный, жуқпалы кеселликлер арасында өлимниң тийкарғы себеби болған туберкулёз кеселлиги болып есапланады. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң 2024-жылғы глобал гепатит есабатына бола, бул кеселлик қурбанларының саны турақлы өсип бармақта.
2022-жылдың 16-май күни қабыл етилген «Айырым әҳмийетли вируслы инфекциялар тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын жетилистириў ҳаққында»ғы Президент қарарына муўапық, мәмлекетимизде кең көлемли скрининг ҳәм профилактикалық илажлар әмелге асырылмақта.
Усы жылдың 14-апрель жағдайына республикада халықтың 1 446 497си (75,1 проценти) вируслы гепатит «В» түрине, 1 446 628и (75,2 проценти) вируслы гепатит «С» түрине скрининг тексериўинен өткерилген. Скрининг тексериўинен өткерилген халықтың 40 889ында (2,8 проценти) гепатит «В», 49 886сында (3,4 проценти) гепатит «С» анықланған. Қарарда белгиленгениндей, вируслы гепатит «С» менен кеселленген наўқасларды вирусқа қарсы емлеўди 10,5 мыңға шекем жеткериў режелестирилген. Вируслы гепатит «В» инфекциясының жуғыў қәўпи жоқары болған жәми 119 013 мың медицина хызметкерин усы инфекцияға қарсы толық шаншыў жумыслары өткерилди.
Қәнигелердиң сөзлерине бола, жуқпалы кеселликлердиң алдын алыўда шаншыўдың әҳмийети жүдә үлкен. Соның ушын, ҳәр жылы ЖДСШ Европа ҳәм Орайлық Азия регионаллық бюросы ҳәм оған ағза болған бир қатар мәмлекетлерде иммунизация бойынша хабардарлықты арттырыў, коммуникацияны жақсылаў ҳәм шаншыўды үгит-нәсиятлаўға қаратылған Европа шаншыў ҳәптелиги өткериледи. 27-апрельден әмелге асырылып атырған бул баслама 3-май күнине шекем даўам етеди.
Моҳигул Қосимова, ӨзА