Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы додаланды

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, Тергеў басқармасының баслығы полковник М.Раҳматуллаевтың Әмиўдәрья районында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша өткерген үйрениўлери, сондай-ақ, Мәмлекетлик хызметлер орайы имаратында пуқаралар менен көшпели қабыллаў өткергени әҳмийетли илажлардан бири болды.
Бундай илажлар пуқаралардың социаллық қәўипсизлигин тәмийинлеў, олардың машқалаларын анықлаў ҳәм оларға оператив жуўап бериў ушын оғада зәрүр.
Көшпели қабыллаўда пуқаралардан ҳәр қыйлы тараўларға тийисли 18 мүрәжат қабыл етилди. Бул, әлбетте, жергиликли уйымлардың жәмийетшилик пенен ашық-айдын байланысын нәтийжели тәмийинлемекте. Мүрәжатлар бойынша районлық ИИБ жуўапкерлерине тапсырмалар берилип, бул мәселелердиң унамлы шешилиўине итибар қаратылды.

Сондай-ақ, илажда Күйик көпир аўылы жуўапкерлериниң жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бағдарындағы жумыслары додаланды, – деп мағлыўмат береди Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Қарақалпақстан хабар агентлиги