Балалардың дөретпелерине жоқары баҳа берилди
Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен Өзбекстан Көркем өнер академиясы жанындағы Жоллыбай Изентаев атындағы Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернатында қала ҳәм районлардағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң 7-13 ҳәм 14-18 жастағы оқыўшылары арасында “Арзыўымдағы кәсип” атамасында көргизбелер таңлаўы шөлкемлестирилди.
Таңлаўға Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң жуўапкер басшылары қатнасты.









Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы мүнәсибети менен Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен таңлаўда жеңимпаз деп табылған оқыўшыларға, биргеликте шөлкемлестирген шөлкемлерге “Диплом,” “Алғыснама” ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги