Коррупцияға қарсы гүресиў системасын және де жетилистириў бойынша белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы илажлар әмелде

Бәршемизге белгили ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы жылдың 5-март күни “Коррупцияның алдын алыў бойынша жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм алдағы тийкарғы ўазыйпалар”ға арналған Коррупцияға қарсы гүресиў Миллий кеңесиниң кеңейтилген мәжилисине қатнасты.
Мәжилисте кең көлемде, қатаң талаплар менен ҳәр бир мәселеге ашық айдынлық киргизилип, шешимлери көрсетилип, анық ўазыйпалар белгилениўи бәршемизде бул иллетке аяўсыз қарсы гүресиу бойынша жуўапкершилик сезимин және де күшейтти. Ҳақыйкытында да, ҳүрметли Президентимиз атап өткениндей, “Реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық ҳәм иркиниш – бул коррупция болып есапланады”.
Мәжилисте белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша мәмлекетимиз басшысы 55 анық мақсетке бағдарланған басламаны алға қойды ҳәм олардың шеңберинде 5 нызам, 12 пәрман ҳәм қарарлар ислеп шығылыўы белгиленди.
Тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жаңа системаны енгизип, бул мәселеге жәмийетшилик, парламент ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын кеңнен мобилизациялаў мақсетинде 2025 жылдың 21-апрель сәнесинде Президентимиздиң “Коррупцияға қарсы гүресиў системасын және де жетилистириў бойынша белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы илажлар ҳаққында”ғы ПП – 71-санлы Пәрманы ҳәм “Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң бийғәрезлигин тәмийинлеў ҳәм жумысының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ – 147-санлы Қарары кабыл етилди.
Пәрман менен белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими (1- қосымшаға м муўапық) ҳәм әмелий илажлар бағдарламасы (2-қосымшаға муўапық) тастыйықланды. 1- қосымшаға муўапық кеңейтилген мәжилисинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 21 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары ислеп шығылыўы белгиленди.
Дәслеп нызам жойбарлары ҳаққында айтып өтемиз.
1.Ҳүрметли Президентимиз Коррупцияға қарсы гүресиў Миллий кеңесиниң кеңейтилген мәжилисиндеги баянатында және бир әҳмийетли, бәрше күткен мәселе – мәмлекетлик хызметкерлердиң дәраматын ҳәм мүлкин декларациялаўға байланыслы нызамды қабыл етиў ўақты-сәти келгенлиги атап өткен еди. Жынайый дәраматларды легалластырыў менен байланыслы жынаятлар ушын жуўапкершиликти де халықаралық стандартларға бейимлестириў зәрүр деди. Усы жылдыңмай айына “Мәмлекетлик хызметкерлердиң дәраматлары ҳәм мүлкин декларациялаў ҳаққында”ғы нызам жойбарын ислеп шыгыў назерде тутылмақта. Жойбарда декларация субъектлери, объектлери ҳәм онда сәўлелендирилетуғын мағлыўматлар, декларацияны усыныў формасы ҳәм тәртиби, оны тексериў тәртиби белгиленеди.
Нызамда мәмлекетлик кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары ҳәм орынбасарлары, олардың өмирлик жолдасы ҳәм жас өспирим перзентлериниң дәраматлары ҳәм мүлкин мәжбүрий декларациялаў системасын енгизиў белгиленеди. Декларация бериўден бас тартыў яки жалған мағлыўмат бериў, оны жумыстан шетлетиў ҳәм жуўапкершиликке тартыўға тийкар болады.
Мәмлекетлик хызметкер декларация еткен дәраматына сәйкес келмейтуғын мүлкти қай жерден алғанын дәлиллеўи тийис болады. Нызамсыз байлық арттырыў ушын жуўапкершилик белгиленеди.
Соны айтып өтиў керек, Президентимиздиң 2021-жыл 6-июль сәнесинде қабыл етилген ПҚ-5177-санлы Қарарына муўапық, дәрамат ҳәм мүлк декларациялары бойынша мағлыуматлар базасын қәлиплеститириў ҳәм тексериўдиң электрон мәлимлеме системасын жаратыў, оны салық, бажыхана, мәмлекетлик кадастр ҳәм басқа тийисли уйымлардың мағлыўматлар базалары менен интеграциялаў илажлары белгиленген.
- Усы жылдың май айына “Жынайый дәраматларды легалластырыў менен байланыслы жынаятлар ушын жуўапкершиликти халықаралық стандартларға бейимлестириў” бойынша нызам жойбары ислеп шығылады.
Бул Нызамда жынайый дәраматларды легалластырыў жынаяты ушын белгиленген жаза илажларын қылмыстың социаллық қәўиплилик дәрежесине сәйкес түрде қайта бөлистириў; инсайдерлик(купыя маглыўматлар) мәлимлемеден пайдаланыў ямаса баҳалы қағазлар базарында ҳийлекерлик ислеў менен байланыслы жағдайлар ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликти белгилеў; экстремизмди қаржыландырғаны ушын жынайый жуўапкершилик киргизиў мәселелери нәзерде тутылады.
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 243 статьясында “Жынайый жол менен алынған дәраматларды жәриялаў (легалластырыў)” жынаяты ушын ҳәм Хәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 1793 статьясында “Жынайый жол менен алынған дәраматларды легалластырыўга, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалабалық қырғын қуралларын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гуресиў ҳақындағы нызамшылыкты бузыў”қылмысы ушын жуўапкершилик көрсетилгенлигин атап өтиў керек. Жоқарыдағы нызам менен усы ҳәм басқа статьяларға қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди.
- Ҳүрметли Президентимиз Миллий кеңестиң кеңейтилген мәжилисинде буннан былай, министр ҳәм ҳәкимлер лаўазымға тайынланыўынан алдын коррупцияның алдын алыў бойынша анық режесин парламент ҳәм жергиликли кеңеслер алдында қорғайтуғын система енгизиўди усыныс еткен еди. Усы жылдың май айына “Министр ҳәм ҳәкимлер лаўазымына талабанларды көрип шығыўда олар тәрепинен коррупцияның алдын алыў жумысы бойынша анық реже қорғалыўы ҳаққында”ғы нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша нызам жойбарын таярлаў белгиленди.
Бул Нызамда министр ҳәм ҳәкимлер лаўазымына талабанлар тийислисинше Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары кеңеслеринде көрип шығылып атырғанда олар тәрепинен коррупцияның алдын алыў бойынша анық реже қорғалыўына байланыслы тәртип нәзерде тутылады.
Мәмлекет басшысы кеңейтилген мәжилисте “Коррупцияның алдын алыў – мәмлекетлик хызметке профессионал ҳәм пидайы кадрларды таңлаў ҳәм оларды “ҳадаллық вакцинасы” менен шаншыўдан басланады,”деди. Жумысқа қабыллаўды ашық-айдын өткериў, мәмлекетлик хызметкерлердиң реестрин белгилеў, кадрлардың коррупцияға бейимлилигин үйрениў бойынша пәрман жойбарын киргизиў тапсырылды.
- Ҳүрметли Президентимиз кеңейтилген мәжилисте әдил судлаўды әмелге асырыўда адвокатлардың орны жүдә әҳмийетли, бул бағдарда адвокатларға қорғаўындағы пуқараға өз ўақтында ҳуқықый жәрдем көрсете алыўы ушын имканият жаратыў керек екенлиги атап өтип, тийисли нызам жойбарын киргизиўди тапсырды. Усы жылдың июнь айына “Пуқараларға сапалы юридикалық жәрдем көрсетилиўинде адвокатлардың жумысына тосқынлық етип атырған факторларды сапластырыў”ға қаратылған нызам жойбарын таярлаў нәзерде тутылмақта..Жойбарда адвокатлардың жумысына тосқынлық етип атырған факторларды сапластырыўға қаратылған механизмлер ислеп шығылады. Нызамды ислеп шығыўда Өзбекстан Республикасы Конституциясың 142 – статьясында белгиленген “Адвокат өз кәсиплик ўазыйпаларын әмелге асырып атырғанда оның жумысына араласыўға жол қойылмайды. Адвокатқа өзиниң қорғаўындағы шахс пенен иркинишсиз ҳәм қупыя ушырасыў, мәсләҳәтлер бериў ушын шараятлар тәмийинленеди. Адвокат, оның ар-намысы, қәдир қымбаты ҳәм кәсиплик жумысы мәмлекет қорғаўында болады ҳәм нызам менен қорғалады” деген нормалар тиккелей басшылыққа алынады. Сондай ақ, онда халық аралық нормалар ҳәм сырт ел тәжирийбеси кеңнен пайдаланылды.
- Мәжилисте ҳүрметли Президентимиз терепинен ҳәзирги ўақытта нызамшылықта коррупциялық жынаятлардың анық дизими жоқ екенине итибар қаратылды. Парламент тастыйықлаған нызамда тийкарынан жазаны күшейтиўдиң өзи менен шекленип қалғаны, коррупцияның алдын алыў, адамларымызды оған шыдамсызлық руўхында тәрбиялаў, профилактика механизмлерин жаратыў, жынаятты ашыўға жәрдем бергенлерди хошаметлеў сыяқлы мәселелер сәўлелендирилмегени көрсетип өтилди. Соның ушын Президент бул нызамды қайта ислеў ушын қайтаратуғынын айтты.
Усы жылдың июнь айына “Коррупциялық жынаятлардың анық дизими ҳәм бул бағдарда жаза илажларын күшейтиў”ди нәзерде тутатуғын нызам жойбары ислеп шығылады..”Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине коррупцияға байланыслы жынаятлар ушын жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлигин тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызам қайта көрип шығылып, онда:
коррупция жынаятларының анық дизими ҳәм бул бағдарда жаза илажларын күшейтиў;
коррупцияның алдын алыў, халықты, әсиресе, жасларды оған маўасасызлық руўхында тәрбиялаў, профилактика механизмлерин жаратыў;
коррупция ҳаққында хабар берген шахсларды хошаметлеў ҳәм қорғаў тәртиби нәзерде тутылады.
Соны айтыў керек, коррупция бул шахстың өз лаўазым ямаса хызмет дәрежесинен жеке мәплери ямаса басқа шахслардың мәплери жолында материаллық ямаса материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қылап рәўиште пайдаланыўы. Егер коррупциялық жынаятлардың мазмун ҳәм белгилерин ашатуғын болсақ, бириншиден, бул жынаятлардың субъекти, яғный жынаят ислеген адам лаўазымдағы шахс болыўы тийис.
Екиншиден, айыпкер шахста материаллық пайда көриў мотиви ҳәм пайда алыў мақсети болады(пул, зат, хызмет). Мысалы пара алыў, бериў ҳәм ҳәр қыйлы формаларда мүлклерди өзлестириў, талан-тараж етиў.ЖК 192-9-статьясы коммерцияда пара алыў; ЖК 210 ст. – пара алыў, 211 ст. – пара бериў, 167 ст. 3 бөлими “д” бәнти- лаўазымнан пайдаланып талан-тараж етиў ҳ.т.б.. Коррупциялық жағдайлар тек ғана экономикалық жынаятларда емес, ал халық хожалыгының барлық тараўларында болыўы мүмкин. Мысалы ЖК 202 ст.(хайўанат яки өсимликлер дуньясынан пайдаланыў тәртибин бузыў), ЖК..2444ст.(ушыўшысыз ушатуғын аппаратларды нызамға қылап рәўиште алып кириў, өткериў, алыў, саклаў яки олардан пайдаланыў) ЖК 250-1 ст. (Пиротехника буйымларының нызамға қылап айланысы), ЖК 252 ст.(Радиоактив материалларды нызамға қылап рәўиште ийелеў), ЖК 271ст. (Нәшебентлик затлар, олардың аналоглары яки психотроп затларды нызамға қылап рәўиште ийелеў ҳ.т.б.). Бул жынаятлар материаллық пайда көриў мақсетинде лаўазымнан пайдаланып исленген жағдайларда усы статьялардың 2 яки 3 бөлими менен жуўапкершиликке тартылады. Коррупциялық белгилерге ийежынаятлардың көп болыўы себепли олардың анық дизимин ислеп шығыў халық аралық тәжирийбени үйренген халда үлкен излениўди талап етеди.үшиншиден, коррупциялық жынаятларда материаллық емес пайда көриў, бул –шахстың лаўазымынан пайдаланып нызамҳәмтәртип-қағыйдаларды бузып, басқа адамлардың нызамлы мәплерине зыян тийгизген ҳалда, тек ғана жақын адамларына жәрдем бериў(неопотизим – туўысқанларға жәрдем бериў, кронизм – жақын досларына жәрдем бериў, трайбализм – урыўласлары, аўылласларына жәрдем бериў, фаворитизм-өзи жақсы көрген адамларға жәрдем бериў, протекционизм – жоқары инстанциядан жәрдем бериў, қоллаў). Мәселен жумысқа яки жоқары лаўазымға тек ғана жакын адамларын алыў, ал ылайықлы, билимли, тәжрийбели адамларды инабатқа алмаў, премия бериў, санаторияға жибериў, жеңилленген баҳада турақ-жай алыў, сыйлық ҳәм атақларға усыныў ҳ.т.б. .(ЖК 205, 206 статьялары). Бундай мәкеме ҳәм шөлкемлерде мәплердиң соқлыгысыўы кеңнен орын алған болады. Коррупция батпағына түскен мәкеме ҳәм шөлкемлерде раўажланыў болмайды(керекли қәнигелер жетиспеўшилиги, нызамлардың бузылыўына шараят жаратылады), хызметкерлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери аяқ асты болады.
Коррупциялық жынаятлардың анық дизими ислеп шығылғанда коррупциялық белгилерге ийе ҳәр бир жынаят итибарда болыўы тийис. Себеби, бул дизимге киргизилген жынаятларға жаза күшейтиледи, жазадан муддетинен бурын азат етилиўине руқсат етилмейди, жуўапкершиликтиң сөзсиз принципи тәмийнленеди. Соның менен бирге, Агентлик тәрепинен “Коррупцияға байланыслы жынаятларды әмелге асырыўда айыплы деп табылған шахслардың ашық электрон реестри” жүргизиледи.
Реестрге киргизилген шахсларға: мәмлекетлик хызметке қабыл етилиўи ҳәм мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланыўы; сайланатуғын ҳәм айрықша тәртипте тайынланатуғын лаўазымларға талабанлардың көрсетилиўи; мәмлекетлик мәкемелерде басшылық лаўазымларында жумыс ислеўи; мәмлекетлик активлерди меншиклестириў менен байланыслы тендер ҳәм таңлаў саўдаларында қатнасыў қадаған етиледи, сондай ақ, басқа да шеклеўлер көрсетиледи.
6.Мәжилисте ҳүрметли Президентимиз терепинен Салық уйымларының хызметкерлери ҳәр бир мәҳәллеге бириктирилгени менен түсимлер кескин артпағаны атап өтилди. Мәселен, мыңлаған кәрхана есабатларында бирде-бир хызметкер жоқ деп көрсеткен болса, және мыңлаған кәрхана 2 ямаса 1 жумысшыны көрсетпекте. Бул салық уйымлары жасырын экономика менен төмен ислеп атырғанынан дерек екени көрсетип өтилди.
Инсаплы исбилерменлерге қосымша қун салығы 7 күн ишинде қайтарып берилиўи белгиленген. Бирақ, салық басшылары исбилерменлердиң 487 миллиард сумлық 2,5 мыңға шамалас мүрәжатын өз ўақтында көрип шықпаған.
Усы жылдың июнь айына “Мәҳәлле ҳәм кәрхана кесиминде ислесиў системасында жасырын экономиканың алдын алыў бағдарында салық қадағалаў илажларын жетилистириў” бойынша нызам жойбары ислеп шығылады. Онда, салық уйымлары тәрепинен кәрхана ямаса исбилерменлик субъектлеринде салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықлар анықланған жағдайда оларды сапластырыў бойынша оператив илажлар көриў; салыққа байланыслы айырым ҳуқықбузарлықлар биринши мәрте жүз бергенде исбилерменлик субъектлерин дәслепки ескертиў; ҳуқықбузарлық үш күн мүддетте сапластырылмаса ямаса қайтадан анықланса, соннан кейин салық тексериўин өткериў тәртибин енгизиў нәзерде тутылады.
Пәрман менен белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дизиминде төмендеги пәрман, қарар , нормативлик-ҳуқықый акт ҳәм ҳүжжетлер,мәселелер орын алды. Олар:
– “Мәмлекетлик пуқаралық хызметинде жумысқа қабыл етиў процесслериниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң реестрин белгилеў, кадрлардың коррупцияға бейимлилик дәрежесин үйрениў” бойынша пәрман жойбары.
-“Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2025-2026-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламаны тастыйықлаў ҳаққында” қарар жойбары.
-“Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў системасы (“комплаенс-қадағалаў”) нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында”ғықарар жойбары.
-“Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Коррупцияға қарсы конвенциясына ағза мәмлекетлер конференциясын 2027-жылы Өзбекстанда өткериў бойынша бағдарламаны тастыйықлаў” бойынша Ҳүкимет ҳүжжети жойбары.
-“Ири инвестициялық жойбарларда коррупцияға қарсы халықаралық стандартларды енгизиў ҳәм ири аукцион шәртлерин бәсекиге шыдамлылық экспертизасынан өткериў” бойынша қарар жойбары.
-“Коммерциялық банклер тәрепинен жеңиллетилген кредит ажыратыў жумысында коррупциялық факторларды сапластырыў” бойынша нормативлик-ҳуқықый акт жойбары.
-“Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер өткерилиўин тәртипке салыў” бойынша Олий Мажлис палаталары кеңеслериниң қоспа қарарының жойбары ҳәм басқа әхмийетли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыў нәзерде тутылған.
Сөзимиздиң жуўмағында ҳүрметли Президентимиз Миллий кеңестиң кеңейтилген мәжилисинде айтып өткениндей, «Коррупцияға қарсы гүресиўде ҳәммемиз бирден-бир күш болып ҳәрекет етсек, әлбетте, және де үлкен унамлы нәтийжеге ерисемиз”.
Батыр Матмуратов,
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң
Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлиминиң баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги