Кәсиплик аўқамларының 120 жыллығына бағышланды

Нөкис қаласында Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети ҳәм Спорт министрлиги менен биргеликте қабыл етилген биргеликтеги қарар тийкарында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы мүнәсибети менен “Спорт саламатлық гиреўи!” сүрени астында спартакиада жарыслары шөлкемлестирилди.
Онда қала ҳәм районлардағы спорт мектеплериндеги 30 жас ҳәм оннан жоқары жастағы хызметкерлерден ер адамлар арасында спорттың мини футбол, ҳаял-қызлар арасында волейбол ҳәм стол тенниси түрлери бойынша жарыслар өткерилди.
Спартакиадаға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Спорт министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери, мийнет ветеранлары ҳәм Жаслар ислери басқармасынан жуўапкерлер қатнасты.
Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен жарыс жеңимпазларына ҳәм “Номинация” ийелерине арнаўлы диплом, жәрдем көрсеткен шөлкемлерге “Алғыснама” ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.




Қарақалпақстан хабар агентлиги