Бестөбениң жоллары асфальтланбақта
397

Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасында «Зарбдор» тәжирийбеси тийкарында қәлиплестирилген «Драйвер» жойбарларды әмелге асырыў бағдарламасы қабыл етилген еди.
Бағдарлама шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен 95В027 (4К40) «А380 автомобил жолы (749 км.ден) – Нөкис қусшылық фабрикасы» автомобиль жолының 4 км бөлегин асфальтлаў жумыслары алып барылмақта.

Бул автомобиль жолы Нөкис қаласынан Бестөбе елатына алып барыўшы тийкарғы жоллардан бири болып, жолдың қалған бөлимлеринде де белгиленген бағдарламаға тийкарланып оңлаў жумыслары алып барылатуғынын атап өтиў орынлы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги