Израиль тоғай өртлери менен гүресиўди даўам етпекте

Израиль өрт хызмети мәмлекет тарийхындағы ең күшли өртке қарсы гүреспекте. Ҳәзирги ўақытта 150 ден аслам топар өртти өшириў менен бәнт.
Бас министр Биньямин Нетаньяху сәршемби күни Қуддус әтирапында бир неше өртлер көтерилгеннен соң, миллий дәрежеде айрықша жағдай жәриялады. Оның сөзлерине бола, тез ҳәм қурғақ самал «өлимге алып келетуғын жағдайды» пайда еткен.
Бир неше қалашаның халқы көширилген. Соған қарамастан, қалаға алып баратуғын тийкарғы жоллар ашылған.
Тез жәрдем хызмети 23 адам тийкарынан түтиннен дем алыў ҳәм күйиў жағдайы менен емленип атырғанын мәлим етти.
Израиль өртти өшириў ушын халықаралық көлемде жәрдем, соның ишинде, арнаўлы самолётлар сораған.
Мәмлекет ғәрезсизлиги күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген көплеген ғалабалық илажлар бийкар етилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги