Суўды үнемлеўши технологиялар қандай нәтийже бермекте?

377

Беруний районындағы “Ниятулла Азизбек” фермер хожалығының атыз майданында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша көргизбели семинар өткерилди.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Юсупов қатнасып, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилер суўды үнемлеўши технологиялардан пайдаланыўдың турмыслық зәрүрлиги, бул бағдарда белгиленген ўазыйпалар ҳәм үнемлеўши технологияның нәтийжелилигине тоқтап өтти. Соның ишинде, ийилиўшең қубырлар жәрдеминде суўғарыў жумысларын шөлкемлестириўде ерисилетуғын нәтийжелер ҳаққында әмелий сабақ өтип тийисли мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз бойлап бүгинги күнде суўды үнемлейтуғын технологиялар қамтып алған майдан жәми суўғарылатуғын майданның дерлик 25 процентин қурап, буның есабынан өткен 2024-жылы 3 миллиард куб метр суўды үнемлениўге ерисилген. Бул илаж нәтийжесинде жумсалған суў муғдарлары 830 мың гектар тәкирарый егин майданларын суўғарыўға бағдарланды.

Сондай-ақ, илажда Б.Юсупов усы жылы бар суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша белгилеп алынған тийкарғы бағдарларға да тоқтап өтип, бар суў ресурсларын суўдан пайдаланыўшылар арасында қатаң бөлистирилген ҳалда пайдаланыў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизген интакерлерге мәмлекет тәрепинен ажыратылатуғын субсидиялар, ирригация системаларында суў шығынларын азайтыў жумысларына айрықша итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Семинарда Беруний районы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемеси директоры Ж.Ешановтың районда суўды үнемлеўши технологияны енгизиў жумыслары бойынша мәлимлемеси тыңланды.

– Мағлыўмат берилиўинше, бүгинги күнде Беруний районында 16 интакердиң 231 гектар майданында жаўынлатып суўғарыў, 33 талапкердиң 507 гектар майданына тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў бойынша шәртнамалар рәсмийлестирилип, қурылыс жумыслары басланғаны айтылып, бул жумысларды избе-из даўам еттириў илажлары көрилип атырғаны атап өтилди,-дейди Суў хожалығы министрлиги баспасөз хызметиниң баслығы Ғ.Атажанов.

Семинарда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў жумысларын жеделлестириў тапсырылды. Сондай-ақ, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылар ҳәм қурылыста жумысты бөлип алып ислеўши кәрханалардың ўәкиллерине атызларға орнатылып атырған суўды үнемлеўши технологияларды жойбар талаплары тийкарында сапалы ҳәм өз мүддетлеринде орнатыў, сондай-ақ, суўды үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў жумысларын айрықша қадағалаўға алыўы айтылып, орынланатуғын ўазыйпалар белгилеп алынды.

Сондай-ақ, фермер ҳәм қурылыс шөлкемлериниң ўәкиллери суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша өзлерин қызықтырған сораўларына жуўапкерлерден жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги