Пахта зыянкеси ҳәм оған қарсы гүресиў усыллы қалай әмелге асырылады?

277

Ғаўашаның енди жетилисип, бой созып атырған ҳәзирги дәўири ғаўаша зыянкеслерине қарсы гүресиўдиң ең әҳмийети дәўири есапланады. Ҳәзирги ўақыттағы бул өсимлик зыянкеслериниң бири – бул гүзлик совка болып, ол қабыршақ қанатлылар топарының совкалар туӯысына киреди.

Ол тийкарынан өсимлик нǝллериниң тамыр мойнын, жапырақларды кемирип азықланып, нǝллер санының азайыўына алып келетуғын зыянкес. Мǝйеклерин ҳәр бир жапырақтың астыңғы тǝреплерине бир-биреӯден қояды. Реңи – ақшыл. Қапталында анық көринбейтуғын қаралтым реңли сызықшалары болыўы менен басқа зыянкеслерден өзгешеленеди. Зыянкес тийкарғы тарқалған аймақларында 3-4 мәрте әўлад береди. Қуртлары ғаўаша нәллери көгериўден баслап, ҳақыйқый  5-7 жапырақ шыққанға шекем тамырларды мойнынан қырқып, пақал ҳәм жапырақларды кемирип жеп зыян келтиреди.

Ғаӯаша совкасы – қабыршақ қанатлылар топары совкалар туӯысына кирип, өсимликлердиң мийӯелерин кемирип жеп зыян келтиреди. Реңи ақшыл сарыдан қоңыр-қаралтымға шекем болады. Алдыңғы қанатларының үстинде бир дана дөңгелек қара дағы, қанатларының ушларында кесесине тартылған қаралтым көринистеги сызықшалар менен басқа түрлерден айырылады. Екинши қанаты ақшыл ренде, көзлери көгис реңде болып анық көринип турады.

Таза қойылған мǝйеклери ашық-сары, қурт шығарыӯ алдынан көкшил қаралтым түске өзгереди. Мǝйегиниң гүмбез тǝризли жоқары ушына жетип турған 14 дана қабырғалары бар. Денеси бойлап үш дана сызық өтип, улыӯма денеси қара дақшалар, үсти майда түклер менен қапланған. Тийкарғы зыянды ғаӯаша совкасының екинши, үшинши ǝӯладлары келтиреди.

Ғаўаша шырынжасы – тең канатлылыр топары шырынжалар туўысына кирип,  тийкарынан жеке жасап зыян келтиретуғын зянкес. Шырынжалар топары арасында ол денесиниң формасы бойынша ири есапланып, топар пайда етпейди. Жеке жасайды. Пахтаның тийкарғы сорыўшы зыянкеси есапланады. Ол ғаўашалардың пақалында ҳәм жантақларда мәйек фазасында қыслап бәҳәрде, май айының екинши ярымында ғаўашалардың нәллеринде пайда болып,  ғумшалап, гүлленгеннен баслап толық пискенге шекем зыян келтиреди. Өсимликлердиң азықларын сорып, бөлип шығарған ширелери менен жапыраклардың талшықларын патаслап зыян келтиреди.

Бул зыянкеслерге қарсы гүресиўдиң тийкарғы усылларының бири бул агротехникалық илажларды өз ўактында, сапалы өткериў болып есапланады. Атызларды жабайы шөплерден тазалаӯ да әҳмийетли. Атызларға 2-4 данадан совка түрлериниң феромон тутқышлары қойылып, бир түнде 2-3 дана гүбелеклери түсип баслағаннан мǝйеклерине қарсы гектарына 200 мың дана трихограмма үш мǝрте (60,80,60 мың дана) бөлип жибериледи. Алтынкөз мǝйеклерине ҳǝм киши жастағы қуртларына гектарына 500-1000 дана есабында алтынкөз тарқатылады. Атызларда ғаӯаша совкасы қуртлары пайда болып, жасы ортаға жеткен болса 20=1; 10=1; 5=1; дана схемада бракон паразити тарқатылады. Ғаўашада қолланылыўы рухсат етилген инсектецидлер суўға араластырылып арнаўлы усылда пайдаланылады.

 

Өсимликлер карантини ҳәм илим-изертлеў институты

Қарақалпақстан Республикасы филиалы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги