Жеңимпаз қызымыз мүнәсип күтип алынды

280

Соңғы жыллары елимизде жаслардың заман талабына сай билим алыўы ҳәм кәсип-өнер ийелеўи ушын барлық қолайлы шараятлар жаратып берилмекте. Өзлерине жаратылған усындай қолайлықлардан нәтийжели пайдаланып киятырған жасларымыз ҳәр қыйлы жарыс, таңлаў ҳәм олимпиадаларда жоқары жетискенликке ерисип, халқымызды қуўанышқа бөлеп келмекте.

Усындай жасларымыздың бири Нөкис қаласы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернатының  9-класс оқыўшысы Малика Хожамуратова болып табылады. Атап айтқанда, ол усы жылдың 11-17-апрель күнлери Косова Республикасында өткерилген EGMO – 2025 – Европа қызлар математика олимпиадасында қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

– Олимпиадаға 55 мәмлекеттен  300 ге шамалас оқыўшы қызлар қатнасып, Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 3 медальды қолға киргизиўге миясар болды,-дейди Малика Хожамуратова .-Солардың арасында өзимниң де болғанымнан оғада қуўанышлыман. Алдағы ўақытлары буннан да жақсы нәтийжелерди қолға киргизиўге ҳәрекет етемен.

Нөкис халықаралық аэропортында халықаралық олимпиадада жоқары нәтийже көрсеткен Нөкис қаласы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернатының  9-класс оқыўшысы Малика Хожамуратова салтанатлы түрде күтип алынды.


Илажда қатнасқанлар Маликаны халқымыз атынан қызғын қутлықлады ҳәм алдағы жарысларында буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиўинде тилеклеслик билдирди.

-Косоводағы Олимпиададан соң Ташкент қаласында ICT4Girls олимпиадасының Республикалық басқышы болып өткен еди. Нәтийжелерге бола, олимпиадада 12 қыз жеңимпаз деп табылды,-дейди Нөкис қаласы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернатының  директоры Марат Ибрайымов-Жеңимпазлар ушын шөлкемлестирилген интенсив тренинглер жуўмағында конкурс өткерилип, 4 қыз, солардың қатарында Малика Хожамуратова 2025-жыл 14-20-июль күнлери Германияның Бонн қаласында болып өтетуғын European Girls’ Olympiad in Informatics (EGOI) – Информатика бойынша Европа қызлар олимпиадасында Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасыў ушын жолламаға ийе болды. Бул Олимпиада да оқыўшымыз жеңимпазлықты қолға киргизеди, деп оған исеним билдиремиз ҳәм табыслар тилеймиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы