Халықаралық энергетика шериклери жергиликли өндирис потенциалы менен танысты

302

«Өзэлтехсанаат» ассоциациясы мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, Саудия Арабстанының «ACWA Power» ҳәм Ҳиндстанның «L&T Construction» компанияларының ўәкиллери елимиздеги электротехника кәрханаларында болды.

Онда «ACWA Power» компаниясының Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Жон Заиди, «L&T Construction» компаниясының ҒМДА мәмлекетлери бойынша басшысы Раджан Банцал ҳәм Энергетика министрлигиниң жуўапкерлери «Enter Steel» ҳәм «Технопарк» кәрханаларының жумысы, олардағы технологиялық процесслер, өнимниң сапасын халықаралық стандартларға муўапықластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.

Сөйлесиўлер ўақтында қурылып атырған қуяш электр станциялары ушын зәрүр болған металл бағаналар, металл конструкциялар ҳәм басқа да электротехника буйымларын жергиликли кәрханалардан сатып алыў мәселелери додаланды.

Жон Заиди атап өткениндей, Өзбекстандағы электротехника санааты соңғы жылларда жедел раўажланбақта.

– Биз жергиликли ислеп шығарыўшылар менен бирге ислесиў ҳәм оларды өз жойбарларымызға тартыў имканиятларын үйренип атырмыз,-деди ол.

Сөйлесиў ўақтында «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы халықаралық байланыслар басқармасының баслығы Мансур Миртожиев бул танысыў тәреплер арасындағы бирге ислесиўге кең жол ашатуғынын атап өтти.

– Халықаралық инвестор ҳәм жумысты бөлип алып ислеўшилердиң кәрханаларымызға қызығыўшылығы жергиликли өндиристиң потенциалына берилген үлкен исеним болып есапланады. Бул бирге ислесиў тек ғана экспорт имканиятларын кеңейтип қоймастан, жаңа технологияларды тартыў ҳәм жергиликли жумыс орынларын жаратыўға да шараят жаратады,-деди ол.

Әҳмийетлиси, бул сапар етиў Өзбекстанның «жасыл» энергетика тараўында халықаралық шериклер менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў жолындағы және бир әмелий қәдем болып есапланады.

Н.Зиёдуллаева ӨзАның хабаршысы