Чемпионлар студент-жаслар менен ушырасты

Соңғы жыллары елимизде спорт тараўын раўажландырыў, жаслардың спорт пенен шуғылланыўына кең имканиятлар жаратып бериў бағдарында көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Буның нәтийжесинде мәмлекетимиз спортшылары халықаралық жарыслар ҳәм Олимпиада ойынларында жеңимпазлықты қолға киргизип, байрағымызды көклерде желбиретпекте.
Усындай спортшыларымыз қатарында грек-рим гүреси бойынша 2 мәрте Азия чемпионы, Азия ойынлары, Ислам тилеклеслик ойынлары жеңимпазы, жәҳән чемпионатының қола ҳәм гүмис медалы ийеси, Олимпиада ойынларының қатнасыўшысы Жалғасбай Бердимуратов ҳәм қылышласыў спорты бойынша жәҳән кубогиниң қола медалы ийеси, Азия кубоги жеңимпазы, Олимпиада ойынларының қатнасыўшысы Шерзат Мамутовлардың атларын айрықша атап өтиў орынлы.
Пүткил дүньяға белгили халқымыздың усындай сүйикли спортшыларын кең жәмийетшиликке жақыннан таныстырыў ҳәм студент-жаслар арасында спортты кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.
Кешени филиал директорының жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши орынбасары Ҳамза Абдижалиев кирис сөз бенен ашып, Президентимиздиң басшылығында жасларға жаратылып атырған қолайлы шараятлар ҳәм елимиз спортшыларының халықаралық жарысларда қолға киргизип атырған табыслары ҳаққында айтып берди. Ушырасыўда атақлы палўанымыз Жалғасбай Бердимуратовтың устазы Руслан Ерназаров, Жалғасбай Бердимуратов ҳәм Шерзат Мамутовлар елимизде спорт тараўына қаратылып атырған итибар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша исленип атырған жумысларды мақтаныш пенен айтып өтип, өзлериниң қолға киргизген нәтийжелери усындай ғамқорлықтың арқасында екенлигине тоқтап өтти.
Соның менен бирге, устазларының үйреткен усылларын жалықпастан үйренсе дүнья ареналарында жоқары орынларды ийелеў мүмкин екенлигин өзлериниң өмири мысалында айтып берип, студент-жасларды спорт пенен турақлы шуғылланыўға шақырды.

Кешеде студентлер тәрепинен кеше мийманларына бир қатар сораўлар берилип, оларға жуўап алды.
Илаж соңында чемпион спортшылар ҳәм олардың устазларына филиал ҳәкимшилиги тәрепинен таярланған естелик саўғалар тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы