Бозатаўлы қызлар футбол жарысында беллести
322

Бозатаў районында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде аймақлардағы 16-30 жас аралығындағы ҳаял-қызлар арасында спорттың мини футбол түри бойынша «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» жарысының районлық басқышы болып өтти.
Кескин өткен беллесиўлер соңында, Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйынынан келген команда биринши орынды ийелеўге миясар болды ҳәм жарыстың кейинги Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди.


Ал, екинши ҳәм үшинши орынларды Бозатаў посёлкалық пуқаралар жыйыны ҳәм Қусқанатаў аўыл пуқаралар жыйыны командалары жеңип алыўға еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы