Талимаржан ЫЭСте пуў-газ қурылмаларының қурылысы жуўмақланыў басқышында

«Талимаржан ЫЭС» АЖ басламасы менен ҒХҚ ўәкиллери ушын шөлкемлестирилген пресс-тур даўамында бул ҳаққында толық мағлыўмат берилди ҳәм қурылыс процесслери менен жақыннан танысты.
Бул акционерлик жәмийетинде инвестициялық жойбар тийкарында Испанияның «Intecsa Ingeniera Industrial» S.A. ҳәм Японияның «Mitsubishi Corporation» сырт ел компаниялары менен биргеликте әмелге асырылып атырған 1065 МВт қуўатлылыққа ийе гезектеги 3-ҳәм 4-пуў-газ қурылмаларының қурылыс процесслери алып барылып атырғанын атап өтиў керек.
Бул ири инвестициялық жойбар мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 18-декабрьдеги «Талимаржан ЫЭС» АЖда улыўма қуўатлылығы 900 мегаваттан кем болмаған гезектеги 2 пуў-газ қурылмаларын қурыў арқалы кеңейтиў инвестициялық жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында әмелге асырылып атырған болып, жойбардың улыўма баҳасы дерлик бир миллион АҚШ долларын қурайды.
Бул жойбардың қаржы дәреги сыпатында дүньяның ең жетекши қаржы компаниялары Азия раўажланыў банки ҳәм Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Өзбекстан Республикасы тиклениў ҳәм раўажланыў қорының кредит қаржылары тәрепинен қаржыландырылмақта. Бас жумысты бөлип алып ислеўши сыпатында «Intecsa Ingeniera Industrial» S.A ҳәм «Mitsubishi Corporation» компаниялары қатарында қурылыс жумысларына Түркияның «Çalik Enerji» компаниясы да тартылған.

Әҳмийетлиси, бул пуў-газ қурылмалары иске қосылғаннан соң, кәрхананың өндирислик қуўатлылығы сезилерли дәрежеде артады ҳәм мәмлекетте электр тәмийнаты және де турақласады. Нәтийжеде станция тәрепинен жылына қосымша 8 миллиард кВт саат электр энергиясы ислеп шығарылады ҳәм жоқары үнемлеўши технологияларды қолланыў есабынан жылына 600 миллион куб метр тәбийғый газдиң үнемлениўине ерисиледи.
Инвестициялық жойбар усы жылдың ақырына шекем толық қуўатлықларда мәмлекетимиздиң энергетика системасына электр энергиясын жеткерип бериўди баслаўы режелестирилген. Пуў-газ қурылмалары иске қосылғаннан соң, кәрханада қосымша 120 ға шамалас жумыс орны жаратылады ҳәм бул пуў-газ қурылмалары есабынан электр станциясының улыўма заманагөй қуўатлылықлары 1965 МВт ға жеткериледи.
Ҳәзирги ўақытта кәрханада жаңадан қурылып атырған 3-ҳәм 4-пуў-газ қурылмаларының пуў және газ турбиналарының генераторлары ҳәм пәриги орнатылған болып, олар Япония, Корея, Қытай, Италия сыяқлы жетекши мәмлекетлердиң компаниялары тәрепинен жеткерип берилген.
Мағлыўмат орнында, ҳәзирги ўақытта станцияда улыўма қуўатлылығы 900 мегаватт болған 1-ҳәм 2-пуў-газ қурылмасы турақлы ислеп тур. Бул қурылмалар 2016-2017-жыллары иске қосылған болып, жылына 7,2 миллиард кВт саат электр энергиясын жеткерип береди.
ӨзА