Жасыл басламаларды қоллап-қуўатлаўда жаслардың белсендилиги айрықша

Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңеси тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде, Президент Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 14-февраль күни болып өткен жаслар менен сөйлесиўи ҳәм мәмлекетимизде жасларға берилген имканиятларды ҳәм ушырасыўда берилген усынысларды жеткериў мақсетинде жаслардың қатнасыўында “ашық сәўбетлесиў” илажы болып өтти.
Онда Жоқарғы Кеңес депутатлары, Жаслар парламенти ағзалары, “Экология ҳәм саламатлық” ҳаял-қызлар клубының ағзалары, “Жас экологлар” қанаты, партия белсендилери, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер буннан бес жыл алдын Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасында Жаслар парламенти шөлкемлестирилгенлиги, онда жаслар сиясий жетекшилик, демократия мектеби, парламентаризм мектеби қандай болыўын әмелде көргенлиги, соңғы сайлаўда усы жасларымыздан екеўи Нызамшылық палатасына, 250 и кеңеслерге депутат болып сайланғанлығы ҳаққында мағлыўматлар берди.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында бул ушырасыўдан қуўанышлы екенин атап өтип, жасларды халқымыздың алтын фонды, деп атаған еди. Өзбекстан халқының 60 процентин жаслар қурайды. Ҳәр жылы мийнет базарына 600 мыңнан артық жигит-қызлар кирип келмекте. 2030-жылға барып, бул көрсеткиш 1 миллионға жетеди.
Жаслар мәселеси парламент ҳәм жергиликли кеңес депутатларының жумысында да әҳмийетли бағдар сыпатында қаралыўы керек екенлиги атап өтилди.
Жасларға байланыслы нызам жойбарларын Жаслар парламенти ағзалары менен бирге додалаў ҳәм жалпы мәжилисте жойбар бойынша жаслар ўәкиллериниң пикирин де тыңлаў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, жергиликли кеңес сессияларында жаслар мәселелери бойынша жуўапкер уйым басшыларының мәлимлемесин тыңлаў, барлық жергиликли кеңеслердиң жанында жаслар топарларын шөлкемлестириў басламалары да алға қойылды.



Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, жасларда тәбиятқа меҳирди арттырыў, қоршаған орталықты қорғаўға қаратылған жойбарларын қоллап-қуўатлаў ушын “Жасыл басламаларды қоллап-қуўатлаў қоры” шөлкемлестириледи.
Сөйлесиў даўамында бүгинги күнде жаслар арасында экологиялық билимлендириў ҳәм мәдениятты арттырыў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаўда жаслардың қатнасыўы ҳәм белсендилигин тәмийинлеў бойынша бир қатар түсиниклер берилди ҳәм жаслар өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги