Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының алтыншы жалпы мәжилиси ҳаққында МӘЛИМЛЕМЕ

238

30-апрель күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының алтыншы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Оған Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мажилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Жалпы мәжилистиң екинши жумыс күнинде сенаторлар тәрепинен дәслеп «Халыққа социаллық хызметлер көрсетиў системасының буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Бул нызам халыққа социаллық хызметлер көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириўге қаратылған. Нызам менен халыққа пенсия тайынлаў системасына заманагөй мәлимлеме технологияларын жедел енгизген ҳалда, мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыў мақсетинде «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамға пенсия алыў жасына жеткен (ерлер 60 жас, ҳаяллар 55 жас) пуқараларға жасқа байланыслы пенсияны олардың өз алдына мүрәжатын талап етпеген ҳалда проактив түрде тайынлаў тәртибин белгилеўге байланыслы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Бул тәртип әмелиятқа енгизилиўи нәтийжесинде пуқаралардан пенсия тайынлаў ушын Пенсия қорының аймақлық бөлимине ямаса Мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етиў талап етилмейди.

Буннан тысқары, пенсия жасына жеткен пуқараларға нызамшылықта белгиленген талаплар шеңберинде пенсия тайынлаў ҳаққында қарар қабыл етилгенде олардың телефон номерлерине пенсия тайынланғанлығы ҳәм оның муғдары ҳаққында смс хабар жибериледи.

Нызамда сондай-ақ, пуқара пенсия жасына жетип, бирақ мийнет етиўди даўам еттирип, кейин ала жасқа байланыслы пенсия алыў нийетинде болғанында, проактив түрде тайынланған жасқа байланыслы пенсияны бийкарлаў тәртибин де енгизиў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, нызамға тийкарланып социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларына барлық напақаларды тайынлаў ҳәм төлеў Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң ўәкиллигине өткерилгенлиги мүнәсибети менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы ҳәм «Халықтың бәнтлиги ҳаққында»ғы нызамларға да өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, белгиленип атырған нормалар пуқараларға пенсия тәмийнаты бойынша көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң сапасын арттырыўға ҳәм артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыўға хызмет етеди.

Қызғын додалаўдан соң нызамның әҳмийетлилиги ҳәм зәрүрлигин итибарға алып, ол сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине айырым түрдеги темеки өнимлериниң, темекини ҳәм никотинди тутыныў үскенелериниң айланысына байланыслы талапларды буннан былай да күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде халық арасында, әсиресе, балалар ҳәм жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, соның ишинде, темеки өнимлериниң тарқатылыўының ҳәм пайдаланылыўының алдын алыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.

Соның менен бирге, соңғы жылларда темеки өнимлериниң жаңа түрлерин, атап айтқанда, никотинди жеткерип бериўдиң электрон системаларын, соның ишинде, электрон сигареталарды нызамға қайшы түрде мәмлекетимизге алып кириў ҳәм айланысқа киргизиў жағдайлары көбеймекте.

Усы мүнәсибет пенен темеки өнимлериниң, никотинди жеткерип бериўдиң электрон системаларының, соның ишинде, электрон сигареталардың ҳәм олар ушын суйықлықлардың елимиз аймағында айланысын қадаған етиў, оларды нызамға қайшы түрде айланысқа киргизгенлик, сондай-ақ, темекини қыздырыў системаларын нызамға қайшы түрде айланысқа киргизгенлик ушын жуўапкершилик белгилеў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Нызам менен Жынаят кодексине ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске айланысы қадаған етилген темеки өнимлерин, никотинди жеткерип бериўдиң электрон системаларын, соның ишинде, электрон сигареталарды ҳәм олар ушын суйықлықларды ислеп шығарыў, таярлаў, алыў, сақлаў, тасыў ямаса өткериў, сондай-ақ, алып кириў ҳәм алып шығыў ушын жуўапкершиликти белгилеўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Бул нызам тек ғана айыпкер адамларды жазалаўға қаратылғаны менен емес, ал ислеген нызамсыз ҳәрекетлери ҳаққында өз ықтыяры менен ҳәкимият уйымларына арза берген ҳәм айланысы қадаған етилген өнимлерди тапсырған адамларды жуўапкершиликтен азат етиўди нәзерде тутатуғыны менен әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сенаторлар тәрепинен нызам халықтың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаўға, миллет генофондын сақлаўға және қоршаған орталықты темеки ҳәм никотин өнимлериниң жаңа түрлеринен қорғаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде жер ҳәм суў ресурсларын қорғаўға қаратылған избе-из реформалар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, ҳәзирги ўақытта бос турған жерлерди есапқа алыў, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди жер фондының басқа категориясына өткериў механизмлерин жетилистириў, ҳуқық ийелериниң жер участкаларын алғаны ушын ҳақы төлеўди әмелге асырыў бойынша жуўапкершилигин күшейтиў зәрүрлиги туўылмақта.

Сондай-ақ, жер асты суўларын жерлерди суўғарыў ҳәм басқа да мақсетлер ушын алыў кескин өскенлиги, сондай-ақ, қудықларды руқсатсыз бурғылаў ҳәм суўлардан қадағалаўсыз, есапсыз пайдаланыў жағдайлары даўам етип атырғанлығы себепли жер асты суў ресурсларын қорғаў илажларын күшейтиў де зәрүр.

Нызам менен Жер кодексине мәмлекетлик мүлктеги бос турған жерлердиң есапқа алыныўын шөлкемлестириўди, аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларында руқсат етилген пайдаланыўдың тийкарғы түрине сәйкес болған объектлерди жайластырыўды, жер участкаларын алғаны ушын ҳақы белгиленген мүддетлерде төленбегенде жер участкаларына болған ҳуқықты бийкарлаўды нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлердиң түрлерине анықлық киргизилмекте, суўғарылатуғын жерлерди жер фондының басқа категориясына ямаса суўғарылмайтуғын жерлер категориясына өткериў бойынша анық талаплар белгиленбекте, аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндирисиниң шығынларының орнын қаплаў зәрүр болған жағдайлар кеңейтилмекте.

«Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы нызамға жер асты суўларына қудықты бурғылаў ушын руқсатнама бериўдиң орнына жер асты суўларына қудықларды бурғылаў жумысына руқсатнама бериў тәртибин енгизиў белгиленбекте. Соның ишинде, Салық кодексине жер асты суўларынан пайдаланыўшылар тәрепинен суўды есапқа алыў қуралларысыз суў алынғанда салық төлемин белгиленген салық ставкасының бес есеси муғдарында өндириў нәзерде тутылмақта.

«Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық структурасы ҳаққында»ғы нызамға ҳәкимшилик-аймақлық бирликлердиң мәмлекетлик реестринде объекттиң ҳәкимшилик-аймақлық белгилеўдиң системалы коды ҳаққындағы мәлимлеме сәўлелениўине қаратылған өзгерислер киргизилмекте.

Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, нызамның қабыл етилиўи жерлерди қорғаў ҳәм жер участкаларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға, Ҳәкимшилик-аймақлық бирликлер мәмлекетлик реестриниң мәлимлеме системасын жетилистириўге, сондай-ақ, жер асты суўларынан нызамсыз түрде пайдаланыўдың алдын алыўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен бирге, мәжилисте «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, кейинги жыллары мәмлекетимизде пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў, олардың нәтийжели жумыс алып барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы ролин арттырыў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды, социаллық шерикликти жетилистириў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, социаллық-экономикалық тараўда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумысының еркинлиги кепилликлерин беккемлеў ҳәм қәўендерлик қайырқомлықларын жыйнаў тәртибин анық белгилеў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Бул нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысына нызамсыз түрде араласқанлық, жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў нәтийжелери бойынша таярланған жуўмақлаўшы ҳүжжетти көрип шықпағаны, қәўендерлик ҳаққындағы нызамшылық талапларын бузғаны ушын жуўапкершилик белгиленбекте, сондай-ақ, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысты әмелге асырыў тәртибин бузғаны ушын жуўапкершилиги қайта көрип шығылмақта.

«Социаллық шериклик ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумысының кепилликлери ҳаққында»ғы нызамларға пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтларына мәмлекетлик уйымлар тәрепинен тиккелей мәмлекетлик социаллық буйыртпаларды бериўдиң жаңа механизмлери белгиленбекте.

Өзбекстан Республикасының айырым нызамларындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң миннетлемелери, оларды мәмлекетлик дизимнен өткериўди бийкарлаў тийкарлары қайта көрип шығылып, қайта дизимнен өткергени ушын мәмлекетлик бажының муғдары, сондай-ақ, қәўендерлик жумысын әмелге асырыў тәртиби анықластырылмақта.

«Жәмийетлик фондлар ҳаққында»ғы нызамға жәмийетлик фондты шөлкемлестириўге болған талаплардың күшейтилиўин, жәмийетлик фондты мәмлекетлик дизимнен өткериў шәртлери менен тәртибиниң анықластырылыўын, жәмийетлик фондтың мүлкинен пайдаланыўды буннан былай да еркинлестириўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Бир календарь жылда банк есап бетлеринде пул айланысы болмаған жәмийетлик фонд ушын усы календарь жылда өз жумысын аудиторлық тексериўден өткериў ықтыярлы тәртипте әмелге асырылатуғыны белгиленбекте.

«Қәўендерлик ҳаққында»ғы нызамға қайырқомлық қутыларынан пайдаланыў тәртибин белгилейтуғын, алынған қайырқомлықларды есапқа алыў ҳәм олар ҳаққындағы мәлимлемени жәриялаў және қәўендерлик қайырқомлықларды жыйнаў тәртибин жетилистириўши нормалар киргизилмекте.

Додалаў даўамында сенаторлар тәрепинен бул нызам пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириўге, оның нәтийжелилигин арттырыўға, сондай-ақ, социаллық шериклик қатнасықларын раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасы менен Әзербайжан Республикасы арасында аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы Шәртнаманы (Ташкент, 2024-жыл 23-август) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, нызам менен ратификацияланып атырған бул Шәртнама Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Президентлери тәрепинен 2024-жыл 23-август күни Ташкент қаласында болып өткен Өзбекстан Республикасы ҳәм Әзербайжан Республикасы Жоқары мәмлекетлераралық кеңесиниң биринши мәжилиси шеңберинде қол қойылған.

Бул Шәртнама еки мәмлекеттиң ғәрезсизлигин, суверенитетин, аймақлық пүтинлигин ҳәм турақлы экономикалық раўажланыўын буннан былай да беккемлеўге қаратылған мәмлекетлер аралық қатнасықлардың жаңа басқышын шәртнамалық-ҳуқықый жақтан беккемлеўди нәзерде тутады.

Сондай-ақ, Шәртнамада тәреплердиң бир-бирине қарсы қаратылған ҳеш қандай блоклар ямаса аўқамларда қатнаспаў ҳәм тәреплерден бириниң пикири бойынша еки мәмлекеттиң стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларына зыян келтиретуғын ҳәр қандай ҳәрекетлерге қатнаспаў сыяқлы миннетлемелери белгиленген.

Нызам менен бул Шәртнаманың ратификацияланыўы еки мәмлекет арасындағы өз-ара исеним, дослық байланысларын ҳәм стратегиялық шерикликти және де беккемлейди.

Соның менен бирге, Шәртнама сиясий бирге ислесиўди кеңейтиў, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы шараят жаратады.

Буннан тысқары, Шәртнама еки мәмлекет аймақлары арасындағы тиккелей байланысларды күшейтиў, логистика, энергетика, санаат, билимлендириў ҳәм туризм сыяқлы тараўларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў имканиятларын ашып береди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды

Жалпы мәжилисте аўыл хожалығын раўажландырыў, илимий-изертлеў институтларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм тараўға илим жетискенликлерин енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў мәселеси көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, кейинги жыллары мәмлекетте аўыл хожалығын раўажландырыўда исбилерменлик субектлерине илимий тийкарланған мәлимлеме бериў, заманагөй хызметлер көрсетиў, өндириске илим жетискенликлери ҳәм инновацияларды кеңнен енгизиў, олардың үзликсиз интеграциясын тәмийинлеў бағдарында бир қатар жетискенликлерге ерисилген.

Бүгинги күнде илим, өндирис ҳәм заманагөй агрохызметлер көрсетиўдиң үзликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 1 дирекция, 13 илимий-изертлеў институты ҳәм 49 тәжирийбе станциясын қамтып алған Аўыл хожалығы министрлиги жанында Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы жумыс алып бармақта.

 

Илимий-изертлеў институтлары тәрепинен дән ҳәм собықлы егинлердиң 6 жаңа сорты жаратылған ҳәм Мәмлекетлик реестрге киргизилген. 517 гектар майданда гүзги жумсақ бийдайдың 17 жаңа перспективалы сорты жетистирилип, 3,4 мың тонна жоқары сортлы элита туқым таярланған.

2024-жылы биринши мәрте тәжирийбе-сынақ тәризинде жоқары өнимдарлы, кеселлик ҳәм зыянкеслерге шыдамлы ғаўаша сортлары және гибридлери Қытай, Түркия, Ҳиндстан, Израиль, Тәжикстан ҳәм Қырғызстаннан алып келинип, республикамыз бойынша жәми 96 мың гектар майданға егилген.

Миллий орай системасында Венгрия селекциясына тийисли 450 мың дана картошка туқымларын «ин-витро» шараятында көбейтиў жолға қойылған. Аймақларда халықтың дәраматын көбейтиў бойынша биринши мәрте «шаңарақ кесиминде» орынланатуғын илимий жойбарлар механизми енгизилген.

Тараўда алып барылып атырған реформалар азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, дийқан ҳәм фермер хожалықларын қоллап-қуўатлаў және миллий экономиканың турақлы раўажланыўына үлес қоспақта.

Республика бойынша суўғарылатуғын 821 мың гектар жерде топырақтың сапасын баҳалаў, 620 мың гектарда шорланыў дәрежесин анықлаў жумыслары алып барылған, 807 мың гектарда агрохимиялық таллаў өткерилип, олардың картограммалары дүзилген.

Соның менен бирге, жалпы мәжилисте жергиликли селекцияға тийисли жаңа сорт ҳәм гибридлерди жетистириў ҳәм илимий-изертлеў институтларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараўға илим жетискенликлерин енгизиў жумыслары жетерли дәрежеде жолға қойылмағаны атап өтилди.

Овощ егинлери туқымларының түрлери ҳәм сортлары бойынша маркетинг хызмети шөлкемлестирилмеген. Сертификатланған туқымларды жеткерип бериў ушын тутыныўшылар тәрепинен туқымлардың түри ҳәм сортларына буйыртпалар бериў механизми толық қәлиплестирилмеген.

Сондай-ақ, экспортқа қолайлы, импорттың орнын басатуғын сортлар, туқымлар, қолланбалар ҳәм илимий нәтийжелерди коммерцияластырыў және аўыл хожалығында илим ҳәм инновацияларды кеңнен енгизиўде жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў бойынша алып барылып атырған илажлардың нәтийжелилиги талап дәрежесинде емеслиги атап өтилди.

Додалаў жуўмағында бул мәселелерге анықлық киргизиў мақсетинде Сенаттың Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы қарары қабыл етилди.

Олий Мажлис Сенатының алтыншы жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерис киргизиў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Олий Мажлис Сенатының тийисли қарарына тийкарланып Шамсиддин Мамарежабович Тожиев басқа жумысқа өткени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымынан босатылды.

Сондай-ақ, сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарлары да тастыйықланды.

Жалпы мәжилисте жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 13 мәселе көрип шығылды, соның ишинде, 10 нызам мақулланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының алтыншы жалпы мәжилиси жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенатының

Мәлимлеме хызмети