Халықаралық автомобиль жолының 698-723-километрлик аралығы реконструкцияланбақта

268

Алдын хабар берилгениндей, халықаралық автомобиль жолында реконструкциялаў жумыслары даўам етпекте.

Республикамыз аймағынан өтиўши халықаралық автомобиль жолының өткериўшеңлигин арттырыў бағдарында Президентимиздиң қарар ҳәм пәрманлары тийкарында басқышпа-басқыш реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта.

Президентимиздиң 2024-жыл 24-декабрь күнги «2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 698-723-километрлик аралығын реконструкциялаў белгиленген еди. Қурылыс жумыслары ушын 2025-жылға 71.2 млрд. сумлық қаржы ажыратылған болып, автомобиль жолының усы аймағына асфальт-бетон қапламасын төсеў режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта усы жолдың 720-721 километрлик аралығында асфальт төсеў жумыслары әмелге асырылмақта.

Усы автомобиль жолының 673-698 километрлик аралығын цемент-бетон қапламаға өткериў бойынша да жумыслар даўам етип атырғанын атап өтиў орынлы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги