Халықаралық хирурглер топарының орынлардағы жумыслары басланды

Алдын хабар берилгениндей, ҳәзирги ўақытта Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен елимиз бойлап «Саўалландырыў айлығы» илажлары даўам етпекте. Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен халықаралық грантлар ҳәм сыртқы бийғәрез қаржыларды кеңнен тартыўға да айрықша итибар қаратылмақта.
Усы илажлар шеңберинде социаллық қорғаўға мүтәж, кәмбағаллық реестрине киргизилген пуқаралар арасында кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм наўқасларды жасайтуғын аймағының өзинде мәмлекет есабынан саўалландырыў илажларына Кувейт мәмлекетиниң «Ал-амал» халықаралық хирурглер топары да өзиниң гуманитарлық миссиясы менен қатнасыў ушын республикамызға келген еди.
Ҳәзирги ўақытта орынларда Кувейт мәмлекетиниң сыртқы бийғәрез қаржылары тийкарында бийпул операциялар өткерилмекте.



Атап айтқанда, Республикалық қәнигелестирилген Кардиология, Көз микрохирургиясы орайларының регионаллық филиалы ҳәм балалар медициналық орайларында – Кувейт мәмлекетиниң «Ал-амал» халықаралық хирургиялық топарларының шыпакерлери тәрепинен пуқаралар медициналық тексериўлерден өткерилип, операциялар әмелге асырылмақта.
Бул бағдардағы илажлар орынларда нәтийжели даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги