Мәҳәлле баслықларын сайлаў жаңаша демократиялық принциплер тийкарында өткериледи

418

Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде усы жылдың май-июль айларында өткерилетуғын Пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў мәселелерине бағышланған брифинг болып өтти.

Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы мәлимлеме хызметиниң баслығы Жобир Асқаров бул жуўапкершиликли процесс ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде мәмлекетимиз мәҳәллелери елимизде болып атырған жаңаланыў процесслерин ҳәрекетке келтириўши тийкарғы күшке айланды. Усы жылдың май-июль айларында елимиз бойлап үлкен сиясий илаж – мәҳәлле баслықларының сайлаўы болып өтиўи айрықша әҳмийетке ийе. Сайлаўлар 1-май сәнесинен басланады.

Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиздеги әмелдеги 9 мың 452 мәҳәлледе сайлаўларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бойынша жедел жумыслар әмелге асырылды.

Президентимиздиң сөзи менен айтқанда, бүгин барлық реформалар мәҳәлледе болмақта. Мәҳәллениң келбети өзгерип, адамларымыздың дәрти ҳәм тәшўишлери мәҳәллениң өзинде шешилмекте.

Солай екен, быйылғы мәҳәлле баслықларының сайлаўын жаңаша демократиялық принциплер тийкарында, ашық-айдынлық, пуқараларымыздың тилегин, ерк-ықрарын еркин билдириў принциплерине сәйкес тәризде өткериў бойынша барлық күш ҳәм имканиятлар жумсалмақта.

Бизге белгили, быйыл Өзбекстан Республикасының «Пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў ҳаққында»ғы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Жаңа редакциядағы нызамға бола, енди мәкан пуқаралар жыйыны баслықларының ўәкиллик мүддети 5 жылға создырылды.

Жылдың басынан май-июль айларында өткерилетуғын мәҳәлле баслықлары сайлаўына қызғын таярлық жумыслары әмелге асырылды.

Мәҳәллелер ассоциациясында Республикалық штаб, 14 аймақта және 208 район ҳәм қалаларда мәҳәлле баслықлары сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге жәрдемлесиўши комиссиялар жанында Штаблардың жумысы жолға қойылды. Жәрдемлесиўши комиссиялардың мәҳәлле баслықларын сайлаўға байланыслы 32 түрдеги ҳүжжетлердиң жойбары таярланып, аймақларға жеткерилди.

Мәҳәлле баслығын сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў процесслерин ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириў бойынша медиа-реже ислеп шығылды.

Сайлаў өткерилетуғын күн, ўақыт ҳәм орын ҳаққындағы мағлыўматлар Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясының рәсмий веб-сайтына жайластырылып барылмақта.

Сайлаўлар өткерилетуғын орынларға талабанлар ҳәм сайлаўға тийисли мағлыўматлар стендлери орналастырылды.

14 аймақта Кеңеслердиң сессиялары өткерилип, мәҳәлле баслықлары сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге жәрдемлесиўши Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы комиссиялары (жәми 338 ағзадан ибарат) ҳәм илажлар режеси тастыйықланды. 208 районлық (қалалық) Кеңеслер сессияларының қарары менен пуқаралар жыйынлары баслықларының сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге жәрдемлесиўши районлық ҳәм қалалық комиссиялар тастыйықланды.

Май-июль айларында болып өтетуғын сайлаўларда жумысшы топарлар тәрепинен 208 район(қала)лық жәрдемлесиўши комиссиялардың қарары менен мәҳәллелерде ўәкиллердиң саны белгиленди. Сайлаўда 2 миллион 591 мың 823 ўәкил қатнасыўы күтилмекте.

Бул сайлаўларда елимиз пуқаралары белсене қатнасып, ҳәр бир көше, гүзар, мәҳәллениң абаданлығына өз үлесин қосыўы әҳмийетли болып табылады.

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы