Пакистан министри: Ҳиндстан үш күн ишинде соққы бериўди режелестирмекте

251

Ҳиндстанның Жамму ҳәм Кашмир регионында исленген терроршылық ҳәрекетинен соң еки мәмлекет арасындағы қарама-қарсылық және ҳәўиж алды. Усындай қыйын шараятта Пакистан мәлимлеме министри Атоулло Тарор ҳинд тәрепи жақын арада қоңсы мәмлекетке соққы бериў итималын бийкар етпей атыр.

– Ҳиндстан жақын 24-36 саат ишинде Паҳалгам ҳәдийсесин бәнелеп, Пакистанға әскерий ҳүжим шөлкемлестириў нийетинде екенлиги ҳаққында исенимли мағлыўматқа ийемиз, – деп жазған хызметкер социаллық тармақ арқалы. – Ҳәр қандай басқыншылық ҳәрекети Исламабад тәрепинен қатаң жуўап пенен күтип алынады.

Ҳәр еки мәмлекет ядро қуралына ийе екенлиги себепли және де күшейиўи мүмкин екени айтылып атырған кескинликке және бир неше себеплер көрсетилмекте. Мәселен, пакистанлы сенатор Саҳар Камрон «РИА Новости» агентлигине берген интервьюинде Ҳинд дәрьясынан Пакистанға ағып атырған суўдың тосылыў итималы ядро урысын қозғаўы мүмкин екенлигин айтты.

– Пакистан суўға «турмыслық миллий мәп» сыпатында қарайтуғынын, Ҳиндстан болса суўдан стратегиялық қурал сыпатында пайдаланатуғынын есапқа алсақ, келиспеўшиликтиң ядролық түрге ениў итималы бар, – дейди парламентши. Пакистанның Ҳинд дәрьясы системасына ғәрезлилиги жүдә әҳмийетли тәрепи: усы муғдар суўғарылатуғын жерлердиң 80, аўыл хожалығы егислик жерлериниң 93 ҳәм жалпы ишки өнимниң 25 процентине тең. Соның ушын «суў режими»ниң ҳәр қандай бузылыўы мәмлекет ушын қорқынышлы ақыбетке алып келеди. Бундай жағдайға Исламабад басқа еки тәреплеме келисимлерди бийкарлаў арқалы жуўап береди.

Ҳинд суўы шәртнамасы бул еки қоңсы мәмлекет ортасында суў ресурсларын бөлистириўди тәртипке салыўшы келисим есапланады. 1960-жылы қол қойылған шәртнамага муўапық, Ҳиндстан шығыс дәрьялар – Рави, Бис ҳәм Сутлеж үстинен қадағалаўды тәмийинлейди. Пакистан болса Ҳинд, Желум ҳәм Ченаб сыяқлы батыс дәрьялардың ағысын муўапықластырады. Келисимге муўапық, Ҳиндстан батыс дәрьялардың Пакистан тәрепке ағыўына рухсат бериўи шәрт. Тек айырым айрықша жағдайлар бар. Батыс дәрьялар Ҳинд бассейни улыўма ағысының 80% тен көбирегин қурайды.

Жүзеге келген кескинлик БМШ басшылығын да бийпәрўа қалдырмады. Күни кеше Бас хаткер Антониу Гутерриш жағдайды жумсартыў мақсетинде тәреплерге жәрдем усыныс еткен. Бул ҳаққында оның баспасөз хаткери Стефан Дюжаррик хабар берди.

Атап өтилиўинше, дүнья жүзилик шөлкемниң басшысы сийшемби күни Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шариф ҳәм Ҳиндстан сыртқы ислер министри Субраманям Жайшанкар менен телефон арқалы сөйлескен. Бас хаткер келиспеўшиликтиң ҳәўиж алып атырғанынан терең қәўетерленип, қайғылы ақыбетке алып келиўи мүмкин болған қарама-қарсылықтан қашыў зәрүрлигин атап өткен.

С.Раҳимов, ӨзА