Быйыл үш айда 4242 пуқараның жумысы рәсмийлестирилген

Салық басқармасының мағлыўматларына қарағанда, быйылғы жылдың биринши шерегинде Қарақалпақстанда рәсмий жумыста болмаған 4242 пуқара рәсмий жумысқа орналастырылды.
Салық хызмети тәрепинен 2025-жылдың биринши шерегинде 4158 жумысшыны рәсмийлестириў режелестирилген.
Усы жылдың 3 айы даўамында 1244 кәрханада рәсмий жумыста болмаған 4242 хызметкердиң рәсмийлестирилиўине ерисилди.
Тараўлар кесиминде алып қаралғанында, хызмет көрсетиў кәрханаларында 2215, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханаларында 545, өндирислик кәрханаларда 444, қурылыс кәрханаларында 94, аўыл хожалығы тараўы кәрханаларында 944 хызметкер рәсмийлестирилди.
Әлбетте, салық уйымлары тәрепинен пуқаралардың кәрханаларда рәсмий түрде жумыс ислеўи ушын әмелге асырылып атырған бундай илажлар себепли, пуқаралар рәсмий түрде жумыс ислесе, олардың айлық мийнет ҳақылары өз ўақтында болады, байрамларда хошаметлеў сыйлықларын ала алады, мийнет дем алысы, саўалландырылыўы тәмийинленеди ҳәм басқа да ҳуқықый мәплери қорғалады.
Салық хызмети уйымлары тәрепинен орынларда “конверт” усылында жумыс ислеўшилердиң жумысларын рәсмийлестириў жумыслары даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги