Халықаралық хирурглер топары 300 жәрдемге мүтәж наўқасқа бийпул операция өткереди

223

Ҳәзирги ўақытта Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен елимиз бойлап «Саўалландырыў айлығы» илажлары өткерилмекте.

Усы илаж шеңберинде социаллық қорғаўға мүтәж, кәмбағаллық реестрине киргизилген халық арасында кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм наўқасларды жасайтуғын аймағының өзинде мәмлекет есабынан саўалландырыў илажлары да көрилмекте.

Бул акцияда Кувейт мәмлекетиниң «Ал-амал» халықаралық хирурглер топары да өзиниң гуманитарлық миссиясы менен қатнаспақта. Бул – еки мәмлекет басшылары тәрепинен жолға қойылған ҳәм барған сайын беккемленип атырған өз-ара дослық бирге ислесиў қатнасықларының әмелий нәтийжеси болып есапланады.

Елимизге келген 40 тан аслам ең тәжирийбели сырт ел қәнигелери Нөкис қаласына жетип келди.

«Ал-амал» халықаралық хирурглер топары бир ҳәпте даўамында Қарақалпақстан Республикасында болады.

Усы тийкарда Аралбойы регионында жайласқан район ҳәм қалаларда социаллық қорғаў реестрине киргизилген, соның ишинде, жоқары технологиялық хирургиялық операция өткериўге мүтәж 300 ге шамалас балалар, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың саламатлығы беккемленеди.

Атап айтқанда, бул жерде медицинаның онлаған бағдары бойынша қайырқомлық түринде орынланатуғын операциялар Республикалық қыстаўлы жәрдем илимий орайы, Республикалық қәнигелестирилген Кардиология, Онкология ҳәм радиология және Көз микрохирургиясы орайларының регионаллық филиаллары, сондай-ақ, Республикалық көп тармақлы ересеклер ҳәм балалар медицина орайларында өткерилиўи белгиленген.

Буның ушын белгиленген мәнзиллердеги медицина мәкемелеринде зәрүр шараятлар жаратылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги