Чернобыль қатнасыўшыларына ҳүрмет көрсетилди

Апатшылықлар пүткил жер бетин, инсанияттың тәғдирин өзгертип жибериўи мүмкин. Бундай қорқынышлы ҳәм аянышлы апатшылықлар қатарында Чернобыль апатшылығы, яғный, 1986-жыл 26-апрельде Украинаның Припят қаласы жанында жайласқан Чернобыль АЭС тиң 4-реакторы жарылыўы ақыбетинде жүз берген инсаният тарийхындағы ең қорқынышлы апатшылықлардың бири болды. Жарылыў нәтийжесинде реактор толық ўайран болады ҳәм қоршаған орталыққа үлкен муғдардаға радиоактив нурлары тарқалған. Чернобыль апатшылығынан кейин 600 мыңнан аслам жумысшы жарылыў ақыбетлериниң алдын алыў ҳәм сапластырыў ислерине мобилизацияланады.
Быйыл сол аянышлы ўақыяның жүз бергенине 39 жыл толмақта. Тақыятас районында сол апатшылық жүз берген аймақта қутқарыў жумысларына қатнасқанлар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары менен бир кесе чай үстинде сәўбетлесиў кешеси болып өтти. Илажда «Нураний» қоры Тақыятас районы бөлими баслығы А.Ерсаидов қатнасып, елимиздеги тынышлық, абадан турмыс ҳәм тараўларда ерисилип атырған табыслар ҳаққында сөз етип, қатнасыўшыларға өзиниң жақсы тилеклерин билдирди. Мобилизацияланғанлардың арасында көпшилиги сол жерден түрли кеселликлер менен наўқасланып қайтып келип, бүгинги күнде оларға мәмлекет тәрепинен жәрдемлер көрсетилип келинбекте.

Тарийхқа айланған сол күн қайғысының зыяны усы күнге шекем сақланып қалған. Қутқарыў жумысларында белсендилик көрсеткен чернобыльшылар бүгинги турмысымызға шүкиршилик билдирмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги