Агротехникалық жумыслар ҳаққында сөз етилди

Агротехникалық жумысларды өз ўақтында алып барыў мол зүрәәттиң гилти есапланады. Себеби, егинге тәрбия берилмесе, ўақтында қаралмаса гүзги қырманнан үмит күтпесекте болады. Сонлықтан да бул жағдайларды есапқа алған жер ийелери агротехникалық қағыйдаларды өз ўақтында әмелге асырыўға ҳәрекет етеди.
Усы жылдың мол зүрәәти ушын шигит егилген майданларда агротехникалық илажларды әмелге асырыў, сондай-ақ, биринши култивациялаў, азықландырыў, биоөним жетистириў ҳәм басқа да жумысларды көзден өткериў мақсетинде Тақыятас районындағы «Найманкөл» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Рашид» фермер хожалығында семинар болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, район ҳәкими К.Айтбаев, фермер ҳәм аўыл хожалығы тараўы ўәкиллери қатнасты.

Семинардың мақсети агротехникалық жумысларды өз ўақтында алып барыўдың әҳмийетин түсиндириўге қаратылып, фермерлерге бул бойынша толық мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, семинар даўамында фермерлер де өз тәжирийбелери менен ортақласып, усынысларын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги