Депутат Шоманай районында болды

Ҳәзирги күнлерде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары өз округлериндеги халық пенен пикирлесиў, олардың пикир-усынысларын, машқалаларын тыңлаў мақсетинде орынларда үйрениў жумысларын алып бармақта. Нызамшылық палатасының депутаты Гүлжан Халмуратова да өзи сайланған аймақ Шоманай районында болып, бир қатар социаллық тараў обектлери ҳәм исбилерменлик субектиниң жумысы менен жақыннан танысты.
Халық ўәкили дәслеп социаллық тараў обектлеринен бири Шоманай районы медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы орайлық поликлиникасында болып, ол жердеги поликлиниканың халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиўи, көриниўге келген наўқаслар ушын жаратылған шараятлар, медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлениўи сыяқлы мәселелер бойынша медицина тараўы ўәкиллери менен пикирлести, олардың пикир -усынысларын, машқалаларын үйренди. Бул орайлық поликлиниканың қурылыс жумыслары өз жуўмағына жеткен, пайдаланыў алдында тур.
Мағлыўмат орнында, бул орайлық поликлиника “Моншақлы” мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан болып, 15 мыңнан аслам халыққа хызмет көрсетип келмекте. Шоманай районы көп тармақлы орайлық поликлиникасында жети медициналық бригада халыққа сапалы хызмет көрсетип келмекте.
Медицина тараўы ўәкиллери менен сөйлесиў ўақтында көп тармақлы орайлық поликлиникасының имараты көп ўақыттан берли машқала болып киятырған еди. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мәмлекетлик қаржы есабынан 9,5 миллиард сумға жаңа заманагөй көп тармақлы орайлық поликлиника бой тикледи. Көп тармақлы орайлық поликлиникада жоқары категориялы 50 ге шамалас шыпакерлер, 120 ға шамалас мийирбийкелер жумыс алып бармақта. Жаңадан қурылған көп тармақлы орайлық поликлиниканың толығы менен локал тармағы жайластырылған.
Депутат Г. Халмуратова жергиликли Кеңес депутатлары ҳәм медицина тараўының ўәкиллери менен ашықтан-ашық сөйлесиў даўамында елимизде кейинги жыллары денсаўлықты сақлаў тараўына үлкен итибар қаратылып атырғаны, ҳәр бир инсан ушын биринши гезекте ең үлкен байлық бул оның саламатлығы екенин турмыслық мысаллар менен түсиндирип өтти.
Сөйлесиў даўамында медицина тараўының ўәкиллери де медицина тараўына байланыслы өзлериниң пикир-усыныслары ҳәм машқалалары менен ортақласты.
Халық ўәкилиниң гезектеги мәнзили райондағы ири исбилерменлик субектлеринен бири “Шоманай Экотекс” текстиль кәрханасы болды. Ол усы кәрхананың жумысы менен жақыннан танысты. Халық ўәкили ол жерде исбилерменлер ушын жаратылған шараятлар, ислеп шығарылып атырған өнимниң сапасы, өтимлилиги, экспорт потенциалы да үйренилди.
Мағлыўмат орнында “Шоманай Экотекс” жуўапкершилиги шекленген жәмийети 2020-жылдың март айында толық қуўатлылықта иске түсирилген болып, 480 жумысшы 3 сменада жумыс алып барады. Кәрханада пахтадан ийирилген жип ислеп шығарыў жолға қойылған болып, жыллық қуўатлылығы 7300 тоннаны қурайды.
Сөйлесиў даўамында депутат районның социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўында ири кәрханалардың иске қосылыўы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў менен бирге халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.






Халық ўәкилиниң ушырасыўлары орынларда даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги