Исбилерменлик-имканиятқа жол ашады

Кегейли районындағы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйынында халықтың қыйтақ жер ҳәм ижара жерлеринен нәтийжели пайдаланыў арқалы дәраматын арттырыў ҳәм шаңарақлық бәнтликти тәмийинлеў мәселелерине арналған көргизбели семинар болып өтти.
Семинарға район басшылары, аймақ белсендилери ҳәм турғынлары қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Нуруллан Ерлепесов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке тартыў ҳәм сол арқалы абаданлықты арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында кең түрде айтып өтип, соның ишинде, пуқараларымыздың өзлериниң үй алды қыйтақ жерлеринен пайдаланыў зәрүрлигине тоқтап өтти.
Көргизбели семинар усы аймақта жасаўшы пуқара Дәрменбай Ибатовтың шаңарағында өткерилип, олардың шаңарақтағы жумыс тәжирийбеси арқалы ҳәзирги күнде қыйтақ жерден ақылға уғрас пайдаланған ҳалда қалай етип қосымша дәрамат таўып, турақлы бәнтликти тәмийинлеў мүмкин екенлиги көрсетип берилди.
-2022-жылы субсидия тийкарында 5,4 млн сумға 2 сотыхлық ыссыхана сатып алып берген едик,-дейди аймақтағы ҳәким жәрдемшиси Азамат Мағзамов.-Дәрменбай бул имканияттан нәтийжели пайдаланып, оннан дәрамат тапты. Соңынан бизлер оған 2023-жылдың март айында заманагөй мультикультиватор сатып алыўы ушын коммерциялық банктен 5 млн сумлық жеңиллетилген кредит алып бердик. Бул кредитти де сентябрь айында толық жаўып, өзиниң искерлигин көрсетти. Буннан соң шаңарақ ийеси Дәрменбайдың өзиниң атына 33 млн, келиншегиниң атына 10 млн сум жеңиллетилген кредит шығарып, 8 сотых ыссыхана сатып алыўына жәрдемлестик. Ажыратылған қаржылар тийкарында шаңарақта 10 сотых қыйтақ жерге ыссыхана шөлкемлестирилип, шаңарақлық исбилерменлик жолға қойылды. Бул болса, тек ғана үй хожалығының дәрамат дәрегин кеңейтпестен, ал, шаңарақлық бәнтликке де жол ашты.

Әлбетте, бундай басламалар аўыл халқының турмыс дәрежесин жақсылаўға, исбилерменлик мәдениятын қәлиплестириўге ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен орынларда ҳәр бир шаңарақтың жағдайы үйренилип, олардың имканиятларынан келип шығып индивидуал қатнас тийкарында финанслық ҳәм әмелий жәрдем көрсетилиўи әҳмийетли нәтийжелер бермекте. Қыйтақ жерлер болса, ҳәр дайым дәрамат дәреги сыпатында халқымызға хызмет ете береди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы