Депутатлар исбилерменлер арасында

284

ӨзЛиДеП Төрткүл районлық Кеңеси тәрепинен белгиленген жойбар шеңберинде гезектеги исбилерменлер менен сөйлесиў өткерилди.

Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Р.Мамутов, Жоқарғы Кеңестиң депутаты Ж.Сеттиев, районлық Кеңестиң депутаты Б.Холиқов, исбилерменлер ҳәм фермерлер қатнасты,- деп мағлыўмат береди Төрткүл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Илаж шеңберинде аймақ исбилерменлери ҳәм фермерлериниң мүрәжатлери тыңланды.

Соның ишинде, “Кристал Мега Стар” ЖШЖ басшысы Б.Холиқов кәрханаға келетуғын жолдың 3 км жерин реконструкциялаў керек екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, “Төрткүлли Сўғдиёна” фермер хожалығының баслығы С.Мамутов Төрткүл районына ажыратылған суў лимитин көтериў кереклигин, жерлерге суў толық жетип бармай атырғанлығын атап өтти.

Жоқарыдағы мәселелерди депутат үйренип шығып, өз қадағалаўына алатуғынын айтты.

Соң депутатлар сабын ҳәм жуўыў қуралларын ислеп шығарыўға бейимлескен “Кристал Мега Стар” ЖШЖның жумыслары менен танысты.  Бул кәрхана өз өнимлерин ишки базарға ҳәм қоңсы Тәжикстан, Қырғызстан Республикаларына экспорт етеди. Кәрхана 20 дан аслам инсанды жумыс пенен тәмийинлеген.

Сапар даўамында тийисли жуўапкерлерге көрсетпелер берип барылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги