ҒХҚда аўдарманың әҳмийети

278

Алжир Халық Демократиялық Республикасындағы «Воҳалар», «Янгиликлар» сыяқлы жетекши басылымлар Ал-Водий университети Көркем өнер ҳәм тиллер бөлиминиң басламасы менен журналистикада аўдарма мәселелерине бағышланған илимий симпозиум шөлкемлестирилгенин сәўлелендирди.

Әнжуманда Өзбекстан Мәмлекетлик жәҳән тиллери университети сыртқы байланыслар бөлиминиң басшысы доктор Аҳмад Жасим Аз-Зубайдий да белсене қатнасты.

Тийкары ираклы, ҳәзирги ўақытта елимизде жумыс ислеп атырған бул устаз аўдармашы «ҒХҚда текстти өзбек тилинен арабшаға аўдарыўдың лингивистикалық өзгешеликлери» темасындағы баянатында медиа-аўдарманың сыпатламасы, әҳмийети ҳәм ҳәр қыйлы платформалар арасындағы бәсеки дәрежесин арттырыўдағы ролине итибар берди. ҒХҚ аўдарманы жаңалықты қайсы тилден аўдарып атырған болса, сол халықтың мәдениятын жақыннан билиўи, өткир журналистлик туйғы менен ҳәр қыйлы басым астында ислей алыўы зәрүр екенлигин атап өтти.

Доктор Аз-Зубайдийдиң атап өтиўинше, тараўдағы ҳәзирги машқалалар ҒХҚ аўдармаларынан тексттиң сапасын тәмийинлеў ушын медиа тараўы ҳәм кәсиплик шеберлигин пуқта ийелеўди талап етеди. Атап айтқанда, терминологияны таңлаўда анықлық ҳәм әпиўайылыққа умтылыў, мәлимлемени жеткериўде бийтәреп позицияны ийелеў, белгили бир мәдениятқа бейимлесиў, медиа текстте анықлыққа ерисиў әҳмийетли. Усы өзгешеликлер мәниси дурыс ҳәм анық жеткерилиўи, өзбек ҳәм араб тиллери арасындағы белгили айырмашылықты есапқа алған ҳалда, тексттеги атамалар бир-бирине сәйкес келиўин тәмийинлейди.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА