Рим папасының жерлеў мәресими қалай өтти

220

Ватиканда Рим папасы Францискти жерлеў мәресими болип өтти. Понтифик пенен хошласыў ушын 250 мыңға шамалас адам, соның ишинде, 50 мәмлекет басшысы ҳәм 10 әмелдеги монарх келди.

Мәресимди кардинал Жованни Баттиста Ре басқарды. Биринши мәрте папаны жерлеў мәресиминде қытай тилинде дуўа оқылды. Дәстүрий итальян, латын ҳәм грек тиллерине қосымша рәўиште француз, араб, португал, поляк ҳәм немис тиллеринде де дуўалар оқылды.

Папа Францисктиң жерлениўиниң өзи – Franciscus жазыўы бар әпиўайы табытта – жабық есиклер артында әмелге асырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги