Сенат комитетлери ҳәм жергиликли Кеңеслердиң турақлы комиссияларының бирге ислесиўи және де беккемленбекте

Олий Мажлис Сенаты тәрепинен жергиликли Кеңеслердиң турақлы комиссиялары ағзаларының билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, нызамшылықтағы жаңалықлар ҳаққында хабардарлығын күшейтиў ҳәм өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде системалы жумыс алып барылмақта.
Усы мақсетте усы жылдың 23-25-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери турақлы комиссияларының басшылары ушын Олий Мажлис Сенатында әмелият шөлкемлестирилди.
Әмелият даўамында Сенат комитетлериниң жумысы менен жақыннан танысты, жергиликли Кеңеслер арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўына байланыслы әҳмийетли мәселелерди көрип шығыўда жергиликли ўәкилликли уйымлардың қатнасыўы нәтийжелилигин арттырыў мәселелери додаланды.
Нызам дөретиўшилиги процесине жергиликли Кеңес депутатларын кеңнен тартыў, олардың пикир-усынысларын есапқа алыў, сондай-ақ, қабыл етилип атырған нызамларда аймақлық өзгешелик ҳәм имканиятларды сәўлелендириў бойынша әмелий көнликпелер қәлиплестирилди.
Буннан тысқары, турақлы комиссиялардың басшылары ушын Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң басламасы менен оқыў семинары өткерилди.
Семинарда Сенат тәрепинен ислеп шығылған методикалық қолланба таныстырылды. Сондай-ақ, турақлы комиссиялардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, тийкарғы бағдарлар бойынша анық режелер белгилеў ҳәм ўәкилликлер шеңберинде әҳмийетли мәселелерди додалаў мәселелерине итибар қаратылды.
Бул әмелият ҳәм семинарлар жергиликли Кеңеслер ҳәм Сенат комитетлери арасындағы өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, жергиликли ҳәкимият уйымлары менен ислесиўде нәтийжелиликти арттырыў ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты үстинен тәсиршең парламентлик қадағалаўды тәмийинлеўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги