Россия Қураллы Күшлери Бас штабының Бас оператив басқармасы баслығының орынбасары, 59 жастағы генерал-лейтенант Ярослав Москалик Москва ўәлаятының Балашиха қаласында автомобиль жарылыўы ақыбетинде қайтыс болды.
Россия Тергеў комитети автомашинаның жарылыўы бойынша РФ Жынаят кодексиниң 105-статьясы ҳәм 222.1-статьясында нәзерде тутылған жынаятлар бойынша жынайый ис қозғатты.
Автомобиль жарылыўы 25-апрель күни азанда жүз берген. Усы ўақытта генерал тоқтап турған машинаның қасынан өтип баратырған еди. Жарылыў толқыны оны бир неше метр аралыққа ылақтырып жиберген.
Ярослав Москалик 2021-жылы Россия Қорғаныў министрлиги Бас штабының Бас оператив басқармасы баслығының орынбасары лаўазымына тайынланған еди.
Еслетип өтемиз, тап усындай ўақыя 2024-жылдың декабринде генерал Кириллов пенен де жүз берген ҳәм сол ўақытта әскерий скутерге орнатылған жарылыўшы қурылманың иске түсирилиўинен қайтыс болған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги