Усы күнлерде Қытай Халық Республикасының Урумчи қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң сиясий партиялар форумы болып өтпекте. Бул форумнан гөзленген мақсет – ШБШ руўхын көрсетиўде сиясий партиялардың ролин арттырыў ҳәм сиясий партиялар арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиў, өз-ара тәжирийбе алмасыўдан ибарат.
Партиялар форумында 26 мәмлекеттиң 60 тан аслам сиясий партияларының басшылары, депутатлары ҳәм ўәкиллери қатнаспақта. Өзбекстандағы сиясий партиялардың ўәкиллери де бул әнжуманға қатнасып, ҳәр қыйлы бағдар ҳәм темалардағы сессияларда өз баянатлары менен шықпақта.
Соның ишинде, “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы фракциясы баслығының орынбасары Нодир Тилаволдиев “Модернизацияға ерисиў жолында цивилизациялараралық сөйлесиў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыў процесин беккемлеў” темасында шығып сөйлеп, бүгин заманагөй раўажланыў тек ғана материаллық байлық ҳәм технологиялық өсиў менен белгиленбейтуғынын, тийкарғы норма – инсан қәдири, мәдениятлараралық кеңпейиллик, глобаллық бирге ислесиў ҳәм өз-ара түсинисиў сыяқлы қәдириятларға сүйенетуғынын атап өтти.
Халық демократиялық партиясы баслығының орынбасары Фирдавс Шарипов болса партияның программалық бағдарынан келип шыққан ҳалда мәмлекетимизде халықты социаллық қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар, бул бағдардағы тәжирийбе ҳәм бирге ислесиў перспективалары ҳаққында баянат жасады.
Шанхай бирге ислесиў шөлкеми сиясий партиялар форумы өз-ара тәжирийбе алмасыў, бирге ислесиў байланысларын беккемлеўде әҳмийетли сиясий платформа ўазыйпасын атқарады.
М.Комилова, ӨзА