«Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалында республикамызда ҳәрекет етип турған ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.
Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет-тутыныўшыларға көрсетилип атырған хызметтиң сапасын жақсылаў ҳәм тармақларда электр энергиясы шығынларының алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан таныстырыў болып табылады.
Усы мәселелерге қызығыўшылық билдирген ғалаба хабар ўәкиллери Нөкис қаласының бир қатар мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында жүргизилип атырған реконструкция-модернизация жумысларын көзден өткерди.
Соның менен бирге, бул аймақлардағы филиалдың жуўапкер хызметкерлери, Нөкис қалалық электр тәмийнаты басшылары ҳәм хызметкерлери, сондай-ақ, жыйын баслықлары ҳәм аймақта жасаўшы пуқаралар менен сәўбетлесип, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
-Соңғы жыллары елимизде халықтың абадан турмыста жасаўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылып берилмекте,-дейди «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалының бөлим баслығы Қуўатбай Артықбаев.- Әсиресе, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрьдеги «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы қарары халқымыздың турмысында әҳмийетли орын тутпақта. Президент қарары тийкарында республикамыз бойынша жәми 96 пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында ҳәр қыйлы турмыслық машқалалар анықланып, олар аўыр аймақлар дизимине киргизилди. Соннан 87 мǝҳǝлледе электр энергиясын жеткерип бериўде кемшиликлер бар екенлиги белгили болды. Бул кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде, 2025-жылы 9 356 дана темир бетон бағаналары, 398,1 км узынлықтағы 0,4-6-10 кВ электр узатыў тармақлары ҳǝм 88 дана трансформатор пунктлерине реконструкция ҳǝм жаңа қурылыс жумысларын ислеў режелестирилди. Бүгинги күни әмелде 2 189 дана темир бетон бағаналары ҳәм 7,8 км аралықтағы электр узатыў тармақлары тартылды.
-Аймағымызда 1575 хожалықта 7700ден аслам халық тыныш-татыў жасамақта,-дейди “Қутлы мәкан” мәкан пуқаралары жыйыны баслығы Замира Қутлымуратова.-Соңғы жыллары Президентимиздиң арнаўлы қарарлары тийкарында, көшелеримиз оңланып, ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары менен тәмийинлениў жақсыланды. Электр энергиясы менен тәмийинлеў мәселесинде, “Кенегес”, “Гүзар” ҳәм “А.Өтениязов” көшелеринде бир қатар машқалалар бар еди. Быйылғы жылы бул машқалаларды унамлы сапластырыў мақсетинде, усы көшелердеги буннан 40-50 жыл бурын қурылған ески бағана ҳәм электр линиялары жаңа бетон бағаналар ҳәм сив кабельлерге алмастырылмақта. Буның ушын елимиз басшыларына, электр тәмийнаты хызметкерлерине үлкен рахмет айтамыз.
-Бизлер 1980-жыллардың басында көшип келген едик,-дейди “Кенегес” көшеси турғыны Жалғасбай Өтегенов.-Айырым самал болған күнлери тереклердиң электр линияларына тийиўи нәтийжесинде, үйлеримизде ток өшип қалар еди. Мине быйыл көшемиздеги электр тармақларына оңлаў жумыслары жүргизилип атыр. Енди бурынғы машқалалар бақланбайды деп қуўанып атырмыз.
«Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалы тәрепинен бундай ийгиликли ислер пүткил республикамыз бойлап даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы