Статистика басқармасының мағлыўматларына қарағанда, республикамызда 2025-жыл январь-март айларының жуўмағы менен көрсетилген жәми хызметлердиң көлеми 6 трлн. 980,3 млрд. сум болып, өсим пәти 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 107,3 процентти қурайды. Ал, хызметлер көлеминдеги киши бизнес ҳəм жеке исбилерменлик субъектлериниң үлеси 72,0 процентти қурайды.
– Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы Өзбекстан Республикасы Президенти хəм Ҳүкимети тəрепинен исбилерменликти раўажландырыў, олардың хуқықлары менен мəплерин қорғаўды күшейтиў бойынша қабыл еткен пәрман ҳəм қарарлардың орынланыўын тəмийинлеўге қаратылған мəмлекетлик статистика комитетиниң комплексли илажлары режесине муўапық, өз жумысларын әмелге асырмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы Хызметлер тараўы статистикасы бөлиминиң баслығы Бахтияр Тажибеков. – Быйылғы жылдың басынан халықтың жан басына 3 миллион 434,5 мың сумлық хызметлер көрсетилди.
Жәми көрсетилген хызметлер көлеминде үлкен үлести төмендеги хызмет түрлери қурайды:
- Турмыслық ҳəм аўқатланыў хызметлери 2 350,7 млрд. сум, үлеси 33,7 %
- Транспорт хызметлери 1 055,2 млрд. сум, үлеси 15,1 %
- Саўда хызметлери 1 057,9 млрд. сум, үлеси 15,1 %
- Финанслық хызметлер 901,0 млрд. сум, үлеси 12,9 %
- Байланыс ҳәм мәлимлеме хызметлери 298,9 млрд. сум, үлеси 4,3 %
- Билимлендириў тараўындағы хызметлер 279,9 млрд. сум, үлеси 4,0 %
- Жеке хызметлер 209,4 млрд. сум, үлеси 3,0 %
- Компьютерлерди оңлаў бойынша хызметлер 193,4 млрд. сум, үлеси 2,8 %.
Усы көрсеткишлер хызметлер тараўыныӊ экономикада тутқан орны оғада әҳмийетли екенлигин көрсетпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги